Спортшы шаңарақлар өз-ара жарысты

375

Нөкис қаласында 15-май-халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң шөлкемлестириўи менен «Саламат шаңарақ ушын бирлесейик!» сүрени тийкарында шаңарақлық спорт жарысы өткерилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде Өзбекстан «Адолат» СДПның баслығы Р.Маҳмудова, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаевлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында исленип атырған илажларды айтып өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.

Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан спортшы шаңарақлар қатнасып, олар белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.


Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Нөкис қаласындағы Шығыс мәкан пуқаралар жыйынынан  Ҳайдаровлар шаңарағы биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Бәркамал әўлад  мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасқан Примбетов ҳәм Гөне қала елатынан Пардахановлардың шаңарақларына несип етти.

Өткерилген жарыс соңында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Жарыс оғада қызықлы өтти ҳәм онда бизлер шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болдық,-дейди Рустам Ҳайдаров.-Пурсаттан пайдаланып, бул жарысты шөлкемлестирген шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары усындай жарыслар жийи өткерилип турса, спортшы шаңарақлар саны буннан да көп болады, деп ойлайман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы