Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги “Мәлимлеме технологиялары тараўындағы билимлендириў системасын және де жеделлестириў, илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм IT-индустрия менен интеграциялаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты тәрепинен улыўма билимлендириў мектеплериниң питкериўшилери арасында “Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары” пәни бойынша олимпиада шөлкемлестирилди.
Ең дәслеп институт ректоры Б.Жоллыбеков өткерилип атырған олимпиада қатнасыўшыларына институт ҳаққында ҳәм бүгинги күнде IT тараўының аўыл хожалығындағы орны ҳаққында мағлыўматлар келтирип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Соң шөлкемлестириўшилер тәрепинен олимпиаданың тәртип-қағыйдалары түсиндирилди.
Дерлик 3 саат даўам еткен олимпиаданың барысын ата-аналар ҳәм устазлары онлайн бақлап отырыўы ушын шараятлар жаратылды.
Олимпиада жуўмағына бола Шоманай районындағы 7-санлы мектеп питкериўшиси И.Төлепов жеңимпаз болды. Оған институт тәрепинен таярланған баҳалы саўға ҳәм мақтаў жарлықлары тапсырылды.
Олимпиадада белсене қатнасқан қатнасыўшылар да мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги