Мектеплердиӊ қуўатлылығын арттырыўдың қолайлы жолларынан бири – жеке меншик шериклик

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Усы жылы жаңа мектеплер қурыў ушын Ислам раўажланыў банкинен 200 миллион доллар тартылды. Оның есабынан 58 мектеп қурылып, 72 мың оқыўшы орны жаратылады.
Оған қосымша түрде ўәлаят ҳәкимлерине усы жылы халықаралық қаржы шөлкемлери менен ислесип, Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Қатар, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерден инвесторлар алып келип, жергиликли исбилерменлерге шараят жаратып, мектеп қурылысына 10 миллион доллардан қаржы тартыў бойынша тапсырма берилди.
Мектеплердиң қуўатлылығын арттырыўдың қолайлы жолларынан бири жеке меншик шериклик екени атап өтилди.
Сол себепли мектеплер ҳәм бақшалар ушын жеке меншик шериклик жойбарларының дағазада турыў мүддети 45 күннен 30 күнге қысқартылады.
Жуўапкерлерге быйыл мектеп билимлендириўинде кеминде 100 усындай жойбарды баслаў тапсырылды.
ӨзА