Жарыс жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис районында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» ойынларына апрель айында старт берилген еди.
Бул спорт жарысы футбол ҳәм киши футбол, шахмат түрлери бойынша өткерилди, жарысқа 500ден аслам аймақ жаслары қатнасты ҳәм жарыс жуўмағында жеӊимпазлар анықланды.
14-май күни район орайындағы Едиге бағында жеӊимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресимине Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы И.Қаландаров, район прокуроры П.Халмуратов, Ишки ислер бөлими баслығы С.Қаллибеков ҳәм тараў басшылары қатнасты.
Кешеде шығып сөйлеўшилер тәрепинен соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде спорт тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, жасларымыздың халықаралық жарысларда қолға киргизип атырған табыслары ҳаққында кең түрде айтып өтип, жарыс жеңимпазларын қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады ҳәм алдағы ўақытлары да буннан да үлкен табысларды қолға киргизиўине тилеклеслик билдирди.

Буннан соң жаслар ушын елимизге белгили эстрада жулдызларының қатнасыўында гала концерт шөлкемлестирилип, онда атқарылған қосық ҳәм аяқ-ойынлар кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы