Жаслар келешегине қәўип салыўшы иллет

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Коррупция – жаслар келешегине қәўип салыўшы иллет» атамасында илаж болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Коррупцияға қарсы гүресиў бөлими баслығы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Пренов, Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы судының баслығы С.Даўлетмуратов, Бас Прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы Р.Садыков, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим аға прокуроры Н.Юлдашов, сондай-ақ, университеттиң барлық факультетлери деканлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслары қатнасты.
Илажды университет ректоры, акдемик А.Реймов ашты ҳәм алып барды.






Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде усы жылдың 5-март күни Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында болып өткен, коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилисте алға қойылған тапсырмаларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Сондай-ақ, коррупция тек ғана экономикалық раўажланыўға емес, ал, жәмийетте әдиллик принциплериниң бузылыўына, халықтың нызамларға болған исениминиң төменлеўине ҳәм ең ашынарлысы, жас әўладтың санасында нызамларға ҳүрметсизлик түсинигиниң қәлиплесиўине алып келиўи мүмкин екенлигин атап өтти.
Илажда сөзге шыққанлар, коррупция – елимиз раўажланыўына үлкен кедерги екенлиги, коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына үлкен зыян көрсететуғынлығы, мәмлекеттиң Конституциялық тийкарларын ҳәм нызам үстинлиги, соның менен бирге инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң тәмийинленбеўине алып келетуғынлығы, сол себепли мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң анық системасы жаратылғанлығы, бул бойынша бир қатар нызамлар, Президент қарарлары қабыл етилип атырғанлығын айтып өтти. Усы бағдарда профилактикалық үгит-нәсиятлаў илажлар алып барылыўына қарамастан коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар жүз берип атырғанлықларын анық фактлер менен келтирип өтти.
Баянатшылар коррупция жынаятының түсиниги, бул жаман иллеттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша усынысларын билдирди. Илажда ҳәр бир хызметкердиң Ўатанға, өз кәсибине болған сүйиспеншилигин беккемлеў, ҳәр түрли унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў, профессор-оқытыўшылар өзлерин илим-билимди раўажландырыўға бағышлаў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты, дүньялық, илимий ҳәм әдеп-икрамлылық дәрежесин арттырыў ҳәм де қәлиплестириў ҳәр бир университет хызметкериниң ўазыйпасы екенлиги атап өтилди.
Өткерилген илаж мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, жасларда коррупцияға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, оларда Ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин арттырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли илажға айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы