Миллетлер аралық татыўлық оқыўшы-жаслар нәзеринде

Мәмлекетимиз аймағында әзелден көплеген миллет ҳәм халық ўәкиллери татыў жасап келмекте. Халқымыз әзелден кеңпейиллик, миймандослық, кеширимлилик, басқалардың үрп-әдет ҳәм қәдириятларын ҳүрмет етиў сыяқлы улыўмаинсаныйлық пазыйлетлерди көрсетип келген. Миллетлер аралық татыўлық улыўма инсаныйлық қәдирият болып, регион ҳәм мәмлекетлердиң миллий раўажланыўын белгилейди, тынышлық ҳәм турақлылықтың кепили болып хызмет етеди.
Бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз ара аўызбиршиликти тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиўге айрықша итибар қаратылған. Миллетлер аралық татыўлық ҳәр бир шаңарақта ата-ана тәрбиясынан басланып, билимлендириў мәкемлеринде устаз тәрбиясы арқалы оқыўшы-жасларға дослық түсиниклери қәлиплестирилип барылады.
Әжинияз атындағы НМПИ академиялық лицейинде миллетлер аралық татыўлық темасында илаж болып өтти. Илажды академиялық лицей директоры О.Қалхоразов ашып берди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министирлер Кеңесиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси Қ.Низаматов, Нөкис қаласы руўхый-ағартыўшылық орайы баслығы Қ.Нуратдинов, Нөкис қаласы үгит нәсиятлаў топар ағзасы А.Далымбетова ҳәм оқытыўшылар менен оқыўшы-жаслар қатнасты. Илажда шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде миллетлер аралық татыўлық бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында сөз етип, жасларды қайсы миллет болыўына қарамастан аўызбиршиликте жасаўға шақырды.

Лицей оқытыўшылары ҳәм оқыўшы-жаслар ҳәр түрли миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, раўажландырыў бойынша сахналық көринислер қойып берип, көргизбе шөлкемлестирилди.
-Топарымызда ҳәр түрли миллет ўәкиллери бир ата-ананың перзентлериндей биргеликте, татыўлықта билим алып атырмыз. Бүгинги илажда оқыў орынымыздағы миллетлер аралық татыўлық өз көринисин таўып, аладғы ўақытларда да бул дослығымыз беккемленип барады,-дейди лицей оқыўшысы Ш. Мақсетбаев.
Илаж лицей оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги