Социаллық хызметлер көрсетиў системасы жетилистирилмекте

Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайының директоры Ф.Примов усы райондағы Жайхун ҳәм Наўайы мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети – пуқаралардың социаллық хызметлер тараўындағы мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында шешиў еди.
Ушырасыўда Социаллық хызметлер орайының директоры Ф.Примов, халықтың түрли тараўлардағы, атап айтқанда, майыплығы болған шахслар, пенсионерлер, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм басқа да социаллық қорғаўға мүтәж қатламларға байланыслы мүрәжатларын тыңлады. Сондай-ақ, халық тәрепинен алға қойылған машқалаларды шешиў жоллары ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў бойынша да пикир алысылды.

Социаллық хызметлер орайы тәрепинен мүрәжатларды тез ҳәм нәтийжели түрде көрип шығыў ҳәм олардың шешилиўинде халықтың белсендилигин арттырыўға қаратылған илажлар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги