Санлы технологиялар халықтың мүшкилин жеңиллетпекте

295

Санлы технологиялар бүгин халық хожалығының барлық тараўларына кеңнен енгизилип, халқымыздың мүшкилин жеңиллетиўде бийминнет хызмет атқармақта.  Соның ишинде, елимиздеги газ тәмийнатында да бул бағдардағы жумыслар жедел алып барылмақта.

Атап айтқанда, тиккелей санлы технологияға байланыслы болған хожалықларға орнатылған заманагөй электрон газ есаплағышлардың атқарып атырған хызметин тил менен айтып жеткериў қыйын.

-Бүгинги күнге шекем республикамыздағы 287 мыңнан аслам тәбийғый газ тутыныўшысының үйлерине ақыллы есаплағышлар орнатылды,-дейди  «Ҳудудгаз Коракалпогистон» газ тамийнаты филиалының бөлим баслығы Артыкбай Жиемуратов.-Қуўанышлы тәрепи сонда, тутыныўшылар гезекте турмай тәбийғый газ ушын төлемлерди онлайн әмелге асырып келмекте. Ең тийкарғысы тутыныўшыларда итибар ҳәм жуўапкершилик болса болғаны. Усы жерде республика аймағында 13 003  жеке хожалықлардың тәбийғый газ тәмийнаты 3 басқышлы системадан 2 басқышлы системаға өткерилип, ҳәрекеттеги 1985 газ бөлистириўши пунктлер демонтаж исленгенин, хожалықлардағы ескирген газ үскенелери заманагөй энерия үнемлеўши газ үскенелерине алмастырылғанын айтып өтсек орынлы болады.




-Быйылгы жылдың өзинде 59,1 км ден аслам газ тармақлары реконструкцияланып, 23 км жер үсти газ тармақлары тәртипке келтирилди,-дейди Артыкбай Жиемуратов өз сөзин даўам етип.-Бул жумысларды әмелге асырыўда 100 ден артық жумысшылар ҳәм 20 ға шамалас арнаўлы техникалар қатнасты. Автоматластрылған мәҳәлле тутыныў қадағалаў есап балансы системасын иске түсириўден тийкарғы мақсет тараўда санлы технологияны және де кеңнен ен жайдырыў болып есапланады. Буның нәтийжесинде аймақларда жыллық газ шығынларының алды алынып, тәбийғый газ бир неше есеге үнемленеди ҳәм тәмийнат болса жақсыланады. Ҳәзирги ўақытлары республикамыздың барлық аймақларында тутыныўшыларға тәбийғый газди инсан басқарыўысыз санлы технологиялар жәрдеминде бир тегис жеткерип бериў ислери қызғын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы