Сыртқы реклама объектлерин қурыў ҳуқықы онлайн аукцион арқалы сатылады

Мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық турмысының барлық тараўларына байланыслы нызамшылық, белгиленген тәртиплер жылдан-жылға жетилистирилмекте.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет жәмийеттеги процесслерди дәўир талабына бейимлестириў, экономикалық раўажланыўға ерисиў, халық ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыўдан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-апрельдеги “2025-жыл ушын меншиклестириў бағдарламасы ҳаққында”ғы пәрманы да елимизде меншиклестириў, мәмлекетлик мүлкти ижараға алыў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жоқары басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Алты бөлим 21 бәнттен ибарат бул пәрманға бола, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын азайтыў, меншиклестириў ҳәм мәмлекетлик мүлкти ижараға алыўдағы жеңилликлерди кеңейтиў, исбилерменлер ушын және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир қатар жаңа тәртиплер енгизилген.
Атап айтқанда, пәрманға бола, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 31-августтағы “Сыртқы реклама ҳәм социаллық мәлимлемениң айланысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде енди сыртқы реклама ҳәм мәлимлеме объектлери (конструкциялары) онлайн түрде автоматластырылған системада аукцион саўдаларына шығарылады. Бул арқалы артықша әўерегершиликлердиң алды алынады, инсан факторының араласыўысыз аукцион саўдаларының өткерилиўи тәмийинленеди.
ӨзА