Жынаятшы топардың “шынжыры үзилди”

Төрткүл районында жасалма усылда алкоголь өнимлерин ислеп шығарып атырған шөлкемлескен жынаятшылар топарының жумысларына шек қойылып, 2 тонна жасалма усылда таярланған алкоголь өнимлери ҳәм 718 литр спирттиң айланысқа шығарылыўының алды алынды.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими, МҚХ, Миллий гвардия ҳәм ИИМ хызметкерлери менен биргеликте жасалма алкоголь өнимлериниң нызамға қарсы айланыўына ҳәм “жасырын цех”лардың жумысларына шек қойыў мақсетинде оператив илаж өткерилди.
Оператив мағлыўматларға тийкарланып, Төрткул районында жасаўшы пуқара О.О.ның жасайтуғын үйи көзден кеширилгенинде, 3357 жасалма акциз маркалары, жәми 600 литр жасалма акциз маркалы ҳәм улыўма акциз маркасына ийе болмаған 0,5 литрлик көлемге ийе шийшелерде алкогольли ишимликлер, жасалма усылда пластмасса ыдысқа таярлап қойылған жәми 125 литрлик алкоголь өнимлери, 18 литр этил спирти, 1300 литрлик пластмасса ыдыс, 3750 капсула, 6254 QR коды түсирилген наклейка, 1873 стикер, 315 бос шийше, 2768 пластмасса шийше қақпақ, 4853 темир шийше қақпақлар ҳәм басқа да айғақлы затлар менен жасалма усылда алкоголь өнимлерин таярлап атырғаны анықланып, жынаятлы ислерине шек қойылды.
– Оператив илаж даўам еттирилип, усы райондағы Тазабағжап аўылы аймағында жасаўшы тағы бир пуқараның жасайтуғын үйи көзден өткерилгенинде 35-20 литрлик көлемли канистрларда жәми 700 литр этил спиртин кейинирек жасалма усылда арақ өнимлерин таярлаўшы “жасырын цех”ларға жеткериў мақсетинде сақлап атырғанлығы анықланды,-дейди бажыхана басқармасы хызметкери Б.Тажетдинов.
Райондағы гезектеги шаңарақ көзден өткерилгенинде, жасалма усылда алкоголь өнимлерин таярлаўда қолланылатуғын үскенелери бар екенлиги анықланды. Шаңарақтан 16 рулонда ҳәм кесилген жағдайдағы арақларды блоклаўда пайдаланылатуғын ашық полиэтилен пакетлер, пластмасса ыдыслар, газ горелкасы, 0,2 ҳәм 0,5 литрлик сыйымлылықтағы жәми 69 бос шийше, 1 газ редукторы, 6 воронка, 7 бояў шёткалары, 10 метрлик полиэтилен шланга ҳәм 3 полиэтилен пакетлер айғақлы зат ретинде алынды.
Ал, кейинги мәнзилде жасалма усылда таярланған алкоголь өнимлери “реализация”ға шығарылады екен. Пуқара А.А.ның жасайтуғын үйи көзден өткерилгенинде, үйинде жасалма усылда ислеп шығарылған, жасалма акциз маркалары менен маркаланған 0,45, 0,5, 0,75 ҳәм 0,2 литрлик сыйымлылықтағы 2622 шийшеде, жәми 1294 литрлик арақларды кейинирек айланысқа шығарыў мақсетинде “Яма” жолы менен сақлап қойғанлығы анықланды.


Спирт ҳәм алкоголь өнимлериниң нызамға қарсы айланысының алдын алыў бойынша өткерилген кең көлемли оператив илаж даўамында ҳуқықбузарлардан жәми баҳасы 194 миллион сумлық 2 тонна алкоголь өнимлери, 718 литрлик спирт өнимлери ҳәм басқа буйымлар айғақлы зат ретинде алып қойылды.
Усы жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Сорастырыў ҳәм ҳәкимшилик әмелияты бөлими тәрепинен жынаятқа байланыслы шахслардың қарсысына ӨзР ЖКниң 176-статясы 1-бөлими, 1861-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги