“Ибратли оила” көкирек белгиси өз ийелерине тапсырылды

278

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында “Ибратли оила” көкирек белгиси өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.

БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюциясына муўапық, 15-май дүнья көлеминде Халықаралық шаңарақлар күни сыпатында 1994-жылдан берли турақлы түрде белгиленбекте.

Мәмлекетимизде 10 миллион 300 мыңнан аслам шаңарақ болып, соннан 2 миллионнан асламы жас шаңарақлар болып есапланады.

Президентимиздиң “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаcы ҳаққында”ғы пәрманында да шаңарақ институтын беккемлеў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысының идеясы тийкарында елимизде “Ибратли оила” көкирек белгисиниң шөлкемлестирилгени дүнья халқы ҳәўес етсе арзыйтуғын қәдириятларымызды үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли фактор болмақта. “Ибратли оила” көкирек белгисиниң социаллық-руўхый турмысымызға кирип келгени кең жәмийетшилик тәрепинен қызғын күтип алынды.

Перзентлерин ҳадал, ўатансүйгиш ҳәм билимли инсанлар етип тәрбиялап атырған, шаңарақлық қәдириятларды сақлаў ҳәм раўажландырыўға үлес қосып атырған, турмыслық тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыўға мүнәсип болған шаңарақлар ҳәр жылы 15-май – Халықаралық шаңарақ күни алдында “Ибратли оила” көкирек белгиси менен сыйлықланыўы дәстүрге айланды. Бул көкирек белгиси миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлаўда, перзентлеримизди мүнәсип инсанлар етип тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, усы жылы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2025-жыл 7-март күни жақсы миллий қәдириятларымызды раўажландырыўға үлес қосып атырған шаңарақлардың қатарын кеңейтиў бойынша белгиленген ўазыйпалар тийкарында көкирек белгиси менен сыйлықлаў системасы және де жетилистирилди ҳәм быйыл көкирек белгисине таңлаў процесслери жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестирилди.

2025-жылы аймақлық комиссиялар, министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен усы көкирек белгисине 5 мыңнан аслам шаңарақ усыныс етилди ҳәм қатнасыўшы шаңарақлардың саны өткен жылға салыстырғанда 5,1 есеге артты. Нәтийжеде өткен 2024-жылы жәми 208 шаңараққа усы көкирек белгиси тапсырылған болса, быйылғы 2025-жылы 2000 шаңарақ “Ибратли оила” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Ҳәзирги күнлерде мәмлекетимиз тарийхында екинши мәрте 15-май – Халықаралық шаңарақ күни байрамы алдындағы салтанатлы сыйлықлаў мәресимлеринде усы көкирек белгиси өз ийелерине тапсырылмақта.

Режеге муўапық, ҳүрметли ҳаял-қызларды улығлаў ҳәм қәдирлеў мақсетинде көкирек белгиси, әдетте, шаңарақ ийеси болған ҳаял-қыздың атына рәсмийлестирилип берилиўи де шаңарақ ҳәм жәмийетте ҳаялдың абырайының артыўына хызмет етеди.

Бул шаңарақларға “Ибратли оила” көкирек белгиси, гүўалығы ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылады, олар жасайтуғын квартиралар ҳәм турақ жайлардың кириў бөлегине ҳүрмет белгиси орнатылады.

Салтанатлы илажға мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ўәкиллер, түрли шөлкемлердиң жуўапкерлери, сенаторлар, депутатлар, илимпазлар, дөретиўшилер ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, елимиздиң шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар системасының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған белсендилер, устазлар мирәт етилди.

Пайтахтымызда жасап атырған бир қатар үлгили шаңарақ ўәкиллерине “Ибратли оила” көкирек белгиси тапсырылды.

Салтанатлы илажда мәмлекетимизде шаңарақларды беккемлеў бағдарындағы ийгиликли басламалар ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди. “Ибратли оила” көкирек белгиси өз ийелерине тапсырылды.

Илаждың музыкалы-көркем бөлими Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мәденият сарайында даўам етти.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова шығып сөйледи.

Назокат Усмонова,

ӨзАныӊ хабаршысы