Шахсқа байланыслы мағлыўматлардан пайдаланыўға жол қойған шахслар жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин

235

Мәмлекетимиз басшысының “Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде исленетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы қарарында кибержынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды ашыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў белгиленди.

Бул бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылады? Бул сораўға Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайының баслығы Беҳзод Мамажанов жуўап берди:

– Кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында бирден-бир жумыс ислеў әмелиятын жолға қойыўды нәзерде тутатуғын айрықша нызам жойбары ислеп шығылады. Юридикалық шахслар тәрепинен киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени ушын, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары тараўындағы барлық жынаятлар бойынша жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызамшылыққа өзгерислер киргизиледи.

Банклер, төлем системасы операторлары, төлем шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени нәтийжесинде жол қойылған кибержынаят ақыбетинде келип шыққан материаллық зыянды олардың есабынан өндириў тәртибин енгизиў белгиленди.

Соның менен бирге, буннан былай да кибержынаят ислеўде өз атындағы банк картасынан, банк есап бетинен, электрон қалтасынан ҳәм басқа да шахсқа тийисли мағлыўматлардан (СИМ карта, электрон аккаунт) пайдаланыўға жол қойған шахслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары белгиленеди.

Кибержынаятлардың алдын алыў бағдарында мәлимлеме системасындағы әззиликлер ҳәм кемшиликлер нәтийжесинде кибержынаят жүз бериўине жол қойған банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң дизими жәмийетшиликке жәрияланады. Халықтың пул қаржыларын тартыўға қаратылған онлайн алдаўшылық схемалары – “финанслық пирамида”ларды ерте анықлаў әмелияты жолға қойылады.

Қарар менен пуқаралардың банк карталарындағы пулларын талан-тараж етиўди тоқтатыў мақсетинде банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлерине заманагөй антифрод ҳәм антивирус қорғаў системаларын енгизиў және алдаўшылар тәрепинен жалған номерлер арқалы пуқараларға қоңыраў етиўлерин техникалық шеклеў (имкансыз етиў) сыяқлы илажлар белгиленди.

Усы жылдан баслап ҳәр жылы бир ай даўамында “Кибермәдениятты раўажландырыў айлығы” комплексли үгит-нәсият айлығын өткериў және үгит-нәсият жумысларын тараўға байланыслы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен жедел түрде алып барыў арқалы халықтың санлы иммунитетин ҳәм хабардарлығын арттырыўдың турақлы системасы жолға қойылады.

Қарарға муўапық, кибержынаятларды ашыў бағдарында Орайлық банк, төлем системасы ҳәм ишки ислер уйымларының ўәкиллеринен ибарат оператив ҳәрекет топарының жумысы жолға қойылады. Бул топар тәрепинен гүманлы пул өткериў әмелиятларына байланыслы банк карталарын жеделлик пенен анықлаў ҳәм блоклаў сыяқлы илажлар көрип барылады.

Нәтийжеде кибержынаят арқалы жынаятшылар тәрепинен өзлестирилген пуллардың республика аймағынан шығып кетиўиниң алдын алыў ҳәм жәбирлениўшиге қайтарыў имканияты тәмийинленеди.

Қарар менен кибержынаятларды тергеў ҳәм ашыў жумысының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бул процессте нызамшылықтың орынланыўы үстинен прокурорлық қадағалаў ҳәм илимий-изертлеў жумысы жолға қойылады.

Буннан тысқары, кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тараўдағы хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бойынша илажлар белгиленди.

Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң пуқаралардың кибержынаятлардан жәбирленип қалыўының алдын алыў ҳәм олардың финанслық қәўипсизлигин беккемлеў бойынша жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

 

Норгул Абдураимова,

ӨзА