Белгили жазыўшы ҳәм илимпаздың руўхый дүньясы

263

Кегейли районында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң докторы, профессор Камал Мамбетов туўылғанының 85 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти. Кешеге жазыўшының перзентлери, шәкиртлери, заманласлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Х.Дәўлетназаров, филиология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов, Нуранийлар қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Абдижаббаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, юбилярдың республикамыз илими ҳәм әдебиятын раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси, жазған илимий-дөретиўшилик мийнетлерин ҳүрмет пенен тилге алды.

Әсиресе, К.Мамбетовтың ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебиятын илимий жақтан изертлеў, «Посқан ел» трилогиясын дөретиўдеги мийнетлери халқымыз ядында мәңги сақланады, деп атап өтилди.

Мағлыўмат сыпатында айтатуғын болсақ, Камал Мәмбетов 1940-жыл 14-майда Кегейли районында туўылып, өзиниң илимий ҳәм дөретиўшилик жумысын «Совет Қарақалпақстаны» ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасында баслап, кейин ала педагогикалық институт ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дәслеп оқытыўшы, соңынан кафедра баслығы, декан ҳәм ректор лаўазымларында жемисли мийнет етти.

-Камал аға Мәмбетовтың илимий мийрасы қарақалпақ әдебиятының ерте басқышларынан баслап, оның қәлиплесиў дәреклери, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебий байланыслары, сондай-ақ, шығыс әдебияты менен байланыслы машқалаларды қамтып алады,-дейди илимпаздың шәкирти профессор Қ.Оразымбетов.-Оның “Әййемги қарақалпақ әдебияты,” “Наўайы ҳәм қарақалпақ әдебияты,” “Шығыс әдебияты тарийхы,” “Қарақалпақ толғаўлары” сыяқлы китаплары миллий  әдебияттаныўымыз ушын әҳмийетли дерек болып хызмет етпекте. Сондай-ақ, ол “Гөжек,” “Тырналар,” “Ҳүждан,” “Посқан ел,” “Түркстан” сыяқлы шығармалары менен қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан.

1983-1984-оқыў жылында оның басламасы менен университет тарийхында биринши мәрте журналистика қәнигелигиниң ашылғаны Қарақалпақстанда тараў қәнигелерин таярлаўға үлкен тийкар жаратты.

Ҳақыйқатында да Камал Мәмбетов – тек ғана белгили илимпаз ҳәм жазыўшы емес, ал халық исенимине ерискен жәмийетлик ғайраткер сыпатында да тарийхта өшпес из қалдырды.

Оның аты, илимий ҳәм әдебий мийрасы  жас әўладлар ушын илҳам дәрегине айланыўы сөзсиз. Кешеде жазыўшының көркем шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринис, жыйналғанлар нәзерине усынылып, бул илажға өзгеше заўық бағышлады.





Илаж соңында Камал Мәмбетовтың перзентлери атынан физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Алишер Мамбетов, филология илимлери бойынша философия докторы (Phd) Икрам Мамбетовлар кешени шөлкемлестиргени ушын шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылық билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы