Газ бенен тәмийинлеўдиң үзликсизлиги тәмийинленбекте

244

Бүгинги күнде “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен жеке хожалықларды суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша илажлар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Кегейли районы бойынша тәбийғый газ жетип бармаған аўыллық жерлердеги суйылттырылған газге бейимлестирилген 1865 хожалыққа да бир қәлипте суйылтырылған газ жеткерип берилмекте.

Халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериўде, жәми 4828 айланба турмыслық газ баллонлары пайдаланылмақта.

– 2024-жыл ушын халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериў режеси 357,8 тоннаны қурап, әмелде 364,5 (102 процент) тонна жеткерип берилди,-дейди Кегейли районлык газ тамийнаты филиалы суйылттырылган газ хызметиниң баслығы В.Бекниязов.

Райондағы суйылттырылған газге бейимлестирилген АПЖлардан “Ақтуба” аўылына 268, “Абат” аўылына 102, “Жаңа базар” аўылына 153, “Жалпақ жап” аўылына 490, “Көк өзек” аўылына 410, “Қумшүнгүл” аўылына 239, “Жүзимбағ” аўылына 128, “Ишанқала” аўылына 75 хожалыққа суйылттырылған газ жеткерип бериледи.

Усы жылдың январь-апрель айларында халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериў режеси 114 тоннаны қурап, әмелде 114 (100 процент) тонна жеткерип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги