Киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ашық пикирлесиў болып өтти

221

Қарақалпақстан Республикасы  Салық басқармасы тәрепинен Тахтакөпир районында жумыс алып барып атырған киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.

Семинарда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылдың 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы орнын арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Ашық-айдын пикирлесиўде қатнасыўшылардан оннан аслам мәселе бойынша мүрәжатлар ҳәм усыныслар келип түсти. Ушырасыў жуўмақлары бойынша билдирилген усыныслар улыўмаластырылып, районда исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша әмелий илажлар белгилеп алынды.




Илаж соңында мәмлекетимиз экономикасы ҳәм жеке меншик сектордың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар үлгили салық төлеўшилерге миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги