Урумчи қаласында “Қытай – Орайлық Азия” форматында билимлендириў министрлериниң биринши ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимизде тараўды жетилистириў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Халықаралық бирге ислесиў, атап айтқанда, Қытай менен қатнасықлар барған сайын беккемленип атырғанын атап өтти.

Әнжуман жуўмағында тәреплер бир қатар әмелий бағдарлар бойынша бирге ислесиўди тереңлестириўге келисип алды. Соның ишинде, байланысларды институционаллық тийкарда беккемлеў, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў бағдарламаларын жолға қойыў, биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм кадрлар таярлаўды өндирис пенен үйлестириў зәрүр екенлиги тастыйықланды.

Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды. Биргеликтеги лабораториялар, илимий орайлар шөлкемлестириў бойынша да анық басламалар алға қойылды.

Бул ушырасыў регионаллық көлемдеги байланысларды жаӊа басқышқа алып шығыў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.

М.Сайфуллаев, ӨзА