Мүрәжатларға өз ўақтында шешим табылмақта

Бүгинги күнде Төрткүл районында пуқаралардың машқалаларын орнында шешиў, олардың мүрәжат ҳәм усынысларын тиккелей тыңлаў мақсетинде район ҳәкими И.Худайбергеновтың мәҳәллелердеги көшпели қабыллаўлары системалы түрде өткерилмекте.
Атап айтқанда, бүгин “Нурата” мәкан пуқаралар жыйынындағы мәденият орайында гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти. Онда “Атаюрт,” “Базирген,” “Калтаминор,” “Пахтачи” ҳәм “Баҳор” мәҳәллелеринде жасаўшы пуқаралар қатнасып, өзлерин қыйнап киятырған машқала ҳәм мәселелер бойынша мүрәжатлар менен шықты,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Бул илажда район ҳәкими менен бирге мәҳәлле жетилиги ағзалары, сондай-ақ, райондағы тийисли шөлкем ҳәм уйымлардың басшылары да қатнасты. Қабыллаў даўамында жәми 17 мүрәжат қабыл етилди. Мүрәжатларда тийкарынан турақ жай, социаллық инфраструктура, бәнтлик, жолларды оңлаў, ишимлик суўы менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир мүрәжат мәҳәлле жетилиги қатнасыўында ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Пуқаралардың машқалаларын орнында шешиў, олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў мақсетинде тийисли шөлкемлердиң басшыларына анық тапсырмалар берилди. Ҳәр бир мәселе бойынша орынланыўы керек болған ўазыйпалар белгиленди, орынланыўы ушын мүддетлер қойылды ҳәм қадағалаўға алынды.

Бундай көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына болған исенимин беккемлеў, олардың мүрәжатлерин тез ҳәм ашық-айдын түрде көрип шығыў имканиятын жаратпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги