Беруний районында пиллешилик тараўына итибар жылдан-жылға артып бармақта. Пилле жетистириўдиң нәзик тәреплерин пуқта ийелеген пиллекешлер быйыл да бул тараўда белсене қатнасып, тек ғана өз шаңарақларының дәраматларын арттырып қоймастан, ал мәҳәллелерде жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли үлес қоспақта.

2025-жыл мәўсиминде районның 13 аймағына жәми 3212 қуты наўқан қурты тарқатылды. Бул баслама нәтийжесинде 5100 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Бул болса тек ғана экономикалық нәтийжелиликти емес, ал ҳаял-қызларды социаллық белсендиликке кеңнен тартыў имканиятын жаратпақта, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Атап айтқанда, Тынышлық аўыл пуқаралар жыйынында 176 шаңараққа 450 қуты наўқан қурты тарқатылған болып, ҳәзирги ўақытта тәрбиялаў жумыслары қызғын даўам етпекте. Жылдың басында “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқыш, 1-басқышы шеңберинде 261 ҳаял-қыз дизимге алынып, олардың үй шараятында мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде наўқан қурты берилди.

Сондай-ақ, тут плантацияларына тутас бос жер майданларына палыз егинлери егилип, шаңарақларға қосымша дәрамат дәреги жаратылды. Бул болса дийқаншылық пенен пиллешиликти бирлестирип, комплексли қатнасқа тийкарланған, берекетли нәтийжелерге алып келмекте.

Аймақларда алып барылып атырған жумыслар менен танысқан Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева белсендилердиң шаңарақларында болып, мийнеткеш пиллекеш ҳаял-қызларға шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул итибар ҳаял-қызларды және де хошаметлеп, оларды экономикалық ҳәм социаллық турмыста белсенди болыўға шақырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги