Демократиялық жәмийетте сайлаўшылар өз ўәкиллери менен ушрасыўы, жумысын бақлаў ҳәм баҳалаў ҳуқықына ийе болып, бул процесс тек ғана депутаттың жуўапкершилигин арттырып қоймастан, ал сайлаўшылар менен ашық ҳәм нәтийжели байланысты тәмийинлеп, билдирилген исенимди толық ақлаў жолында жумысын таллаў имканиятын береди.
Қоӊырат районы “Қыпшақ” ҳәм “Әжинияз” АПЖ аймағындағы ӨзЛиДеП белсендиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Баходиржон Сидиқовтың сайлаўшылар менен ушырасыўы да жоқарыдағы мәселелер бойынша әҳмийетли болды.
Депутат сайланған 51-Қаратал сайлаў округи жайласқан аймақтағы мәкан пуқаралар жыйынлары жуўапкерлери ҳәм сайлаўшылар, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери, жәмийетлик белсендилер, нуранийлар қатнасқан илажда депутат Б.Сидиқов нызамшылықтағы жаӊаланыўлар, қабыл етилип атырған нызамлардыӊ мазмун мәниси, сондай-ақ “Өзбекстан-2030” стратегиясы шеӊберинде елимизде алып барылып атырған әмелий илажлар бойынша мағлыўматлар берип, мәҳәлле халқын қыйнап атырған машқалаларды тыӊлады.
Көп жыллардан берли итибардан шетте қалып киятырған ишки көшелерге асфальт төсеў, гөнерген сым ағашларды жаңасына алмастырыў, трансформатор орнатыў, қыйтақ жерлерди суўғарыў ҳәм тозыўы жеткен суў трубаларын жаӊасына алмастырыў мәселелери, сондай-ақ, “Қыпшақ” мәҳәллесиндеги 24-санлы мектепке заманагөй спорт зал ҳәм асхана қурып бериў бойынша мүрәжатлардың шешими үйренилди.
Соның менен бирге, аймақтағы мәҳәллелердиң көшелери, тротуар жоллары ҳәм олардағы жақтыландырыў системаларында анықланған кемшиликлер бойынша сайлаўшылардың депутатымызға еткен мүрәжатлары тийисли тәртипте шөлкемлестирилген әмелий илажлар нәтийжесинде избе-излик пенен сапластырылатуғын болды.
Ушырасыў даўамында халықтың машқалалары ҳәм мүрәжатлары бойынша жуўапкер шөлкемлерге тапсырмалар берилип, әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Илажда шығып сөйлеген аймақтағы МПЖ баслықлары ҳәм сайлаўшылар депутат Б. Сидиковтың жумысын унамлы баҳалап, оның өткен дәўирдеги жумысларына байланыслы бир қатар унамлы мысалларды атап өтти.
Депутаттың сайлаўшылар менен болған ушрасыўы, оның аймақтағы көплеген мәселелерде сайлаўшылардың исенимин ақлаўы, халықты разы етиўге қаратылған әмелий жумыслары менен әҳмийетли болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги