Тақыятас районында жайласқан әскерий бөлимде «Нуранийлар турмысы ибрат мектеби» сүрени астында «Үш әўлад ушырасыўы» өткерилди.
Ушырасыўда «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң бас қәнигеси Гафур Калмуратов, “Нураний” қоры Тақыятас районлық бөлиминиң баслығы Аминбай Эрсаидов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Мукаррама Джумамуратова, Әскерий бөлим хызмет баслығы капитан Мухсин Ҳайитов, белсенди нураныйлар, «Кекселер мәсләҳәти топары» ның ағзалары, мектеп жәмәәти менен жаслар қатнасты.
Шығып сөйлеўшилер тәрепинен кекселерди ҳүрмет етиў, оларға иззет-ҳүрмет көрсетиў қәдирият есапланатуғынлығы, сол себепли бүгинги күнде нураныйлардың мийнет тәжирийбесин үйрениў, нәсиятларына әмел етиўди жас әўлад ўәкиллерине үйретиў мақсетинде «Нуранийлер турмысы ибрат мектеби» сүрени астында «Үш әўлад ушырасыўы» шөлкемлестирилгенлиги ҳаққында айтып өтти.
Кейинги жыллары мәмлекетимиз басшысы тәрепинен кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, оларды саламатландырыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Илаж соңында районлық Мәденият бөлими ҳәм «Шуғла» ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги