Кувейтте болып өткен Азия Олимпиада Кеңесиниң (АОК) 45-Бас ассамблея мәжилисинде 45 мәмлекеттиӊ Миллий олимпиада комитетлериниң ўәкиллери қатарында Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Айбек Қосимов та қатнасты.
Мәжилисте АОК бас директоры Ҳусайн ал Мусалламның Бас ассамблеяның 2026-жылғы мәжилисин Ташкент қаласында өткериў бойынша усынысы бир аўыздан қоллап-қуўатланды. Бул елимизде Олимпиада ҳәрекетине болған жоқары итибар ҳәм халықаралық майдандағы абырайын және бир мәрте тастыйықлады.
45-Бас ассамблея шеңбериндеги илажлар даўамында Өзбекстан миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Айбек Қосимов халықаралық спорт шөлкемлериниң ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.
Халықаралық Олимпиада комитети Атлетлер комиссиясының баслығы ҳәм жақында ХОК президенти лаўазымына сайланған Кирсти Ковентри менен сөйлесиў ўақтында Өзбекстанда олимпиада ҳәрекети избе-из алып барылып атырғаны атап өтилди.
Еслетип өтемиз, 2022-жылы пайтахтымыз Ташкентте Азия Олимпиада кеңеси Атқарыў комитетиниң мәжилиси үлкен табыс пенен шөлкемлестирилген еди.
Т.Рўзиев, ӨзА