Барлық дыққат өнимлердиң сапалы ҳәм мол болыўына қаратылмақта

310

 

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў хызмети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар биринши гезекте сырт еллердиң базарларына мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлер менен шөлкемлердиң жумыслары нәтийжели болыўына унамлы тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, ыссыханаларда фитосанитариялық атыз қадағалаўын өткериў, жерден пайдаланыўшылар ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў ҳәм сыртқы базарларға бәсекиге шыдамлы өнимлер жеткерип бериў көлемин арттырыў мақсетинде семинарлар өткериў, үгит-нәсият, түсиник жумысларын алып барыў, ғәлле майданларында жабайы шөп, қурт-қумырысқа, шырынжаларға ҳәм басқа да кеселликлер менен зыянкеслерге қарсы гүресиў, соның менен бирге, жаңа резервлер есабынан, яғный фермер хожалықларының атыз шетлери ҳәм канал және коллектор-дренаж жағалаўларындағы майданларда экспортқа жарамлы өнимлерди жетистириўге әмелий жәрдем көрсетиў бағдарында да бир қатар жумысларды шөлкемлестирмекте.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги баслығы Ринат Шербаев пенен сәўбетлесип, тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Ринат Тәўекелович, дәслеп агентлик тәрепинен 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған тийкарғы жумыслар ҳәм ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтсеңиз.

– Дийқанларымыздың атызларда ислеген мийнетиниң нәтийжели, яғный, өнимлериниң экспортқа жарамлы болыўына ерисиў ушын барлық мүмкиншиликлерден пайдаланыўға ҳәрекет етип атырмыз.

2025-жылдың биринши шерегинде дерлик 27,0 тонна мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат санааты, соның ишинде, дәрилик өсимликлерден таярланған өнимлердиң экспорт прогноз көрсеткишлерине ерисиў ушын экспорт етиўши кәрханаларға жақыннан жәрдем берилди.

Ашылған сырт ел базарлары ҳәм өнимлер экспорты ушын орнатылған талаплар 55 фермерге ҳәм дийқан хожалықларына ҳәм ири экспорт етиўши кәрханаларға, қайта ислеў кәрханаларының басшыларына үйретилип, өнимлердиң атыздан сырт ел тутыныўшысына жетип барыўына шекемги барлық процесслер түсиндирилди.

Агентликтиң орайлық аппаратында “Орайлық экспорт штабы”ның жумысы жолға қойылды. Сырт мәмлекетлердеги елшиханалар тәрепинен усынылған мағлыўматларды аймақлық экспорт штаблары арқалы экспортшы кәрханаларға жеткериў системасы да жолға қойылды.

Өнимлердиң сырт еллердеги баҳалары, импорт етиўши кәрханалар, сырт елдеги ири көтере саўда орайлары, ири саўда агентлери, өним ислеп шығарыўшы бренд компаниялары, логистика компаниялары, өнимлерди сайлап алыў, қадақлаў, қайта ислеў бағдарында жоқары маманлықтағы технологлар ҳаққындағы аналитикалық мағлыўматлар экспортшы кәрханаларға жеткерилип барылмақта.

Сондай-ақ, экспорт етиўши кәрханаларға республикамыз қоймаханаларында сақланып атырған өнимлер, ишки ҳәм сыртқы базарлардағы орташа баҳалар, 20 күн алдын аймақларда өнимлердиң писиўи бойынша мағлыўматлар, экспорт етиўши кәрханалардың коммерциялық усыныслары, өнимлердиң фото ҳәм видеолары усынылмақта.

– Сырт мәмлекетлердиң базарларына мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлер ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиў нәтийжелери қай дәрежеде?

– Олардың саны бүгинги күнге келип 54 ке жеткерилди. Соның ишинде 32 си сыртқы базарларға мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши жаңадан қосылған исбилерменлер ҳәм шөлкемлер болып есапланады.

Биринши шеректе бир мәрте “Әҳмийетли 40 күнлик” илажлары жәрияланып, 83 гектарлық ыссыханаларда фитосанитариялық дала қадағалаўы өткерилди.

Жерден пайдаланыўшылар ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў ҳәм сыртқы базарларға бәсекиге шыдамлы өнимлерди жеткерип бериўдиң көлемин арттырыў мақсетинде 15 семинар өткерилди. “Агрокөмекши” мобиль қосымшасындағы 50 түрдеги егинлер бойынша қысқа формадағы өсимликлерди үйлесикли ҳалда қорғаў бағдарламасы 120 жерде пайдаланыўшыларға үйретилди.

Быйылғы жылдың биринши шерегинде ғәлле майданларында жабайы шөп, қурт-қумырсқа ҳәм шире жәнликлерине, “тат” ҳәм басқа да кеселликлерге қарсы шөлкемлескен түрде гүрес системасын қолланыў үйренилип, зыянлы организмлерге химиялық усылда қарсы гүресиў 43 гектар майданда әмелге асырылды.

Жаңа резервлер есабынан, яғный, фермер хожалықларының атыз шетлери ҳәм канал және коллектор-дренаж жағалаўларындағы майданларда экспортқа жарамлы өнимлерди жетистириўге әмелий жәрдем көрсетиў ушын 172 карантин хызметкерлери бириктирип қойылды.

– Ҳәзирги ўақытта бийдай ҳәм ғаўаша атызларын ҳәр қыйлы кеселлик ҳәм зыянкеслерден қорғаў ушын агротехникалық илажлардың әмелге асырылатуғын әҳмийетли дәўири болып есапланады. Бул бағдардағы жумыслар қалай шөлкемлестирилмекте?

2025-жыл ушын белгиленген 80,0 мың гектарлық пахта майданында ғөрек қуртына қарсы 1200 дана феромон тутқышларын орнатыў ушын резервин қәлиплестириў режелестирилмекте.

Жеке меншик сектор тәрепинен ашылған 64 биолаборатория ҳәм 41 өсимликлер клиникаларына (1 жаңа) жақыннан әмелий жәрдем көрсетилип, жумысы муўапықластырылмақта. Биологиялық усыл менен гүресиў ушын 59 миллион дана алтынкөз, 58,0 килограмм трихограмма, 47,0 миллион дана бракон өнимин жетистириў режелестирилип алынған.

Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен пахта-ғәлле егислик майданларында биологиялық гүрес илажларына 1,8 млрд. сум қаржы ажыратылыўына жәрдем берилди.

Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы 207 кәрхана ҳәм хожалықлар менен дүзилген шәртнамаға тийкарланып, жәми 97700,0 гектар майдан ушын агрохимиялық карталар ислеп шығылды. Илимий тийкарланған ҳалда топырақтың талабына тийкарланып, минерал төгинлерди қолланыў системасы жаратылды.

1006 жеке меншик қыйтақ жер ийелериниң жәми 40,2 гектарлық егислик майданы агрохимиялық анализден өткерилди.

  • Экспортқа шығарылыўшы өнимлерди тийисли тексериўлерден өткериў, жарамлылығы бойынша ҳүжжетлерди таярлаў, реализациялаў жумыслары қалай әмелге асырылмақта?

– Үш айда аўыл хожалығына минерал төгин жеткерип бериўшилердиң мүрәжатлары ҳәм дүзилген шәртнамаларына тийкарланып 66 үлги мәмлекетлик стандартларға муўапықлығы бойынша агрохимиялық анализден өткерилди.

Фумигация бөлими тәрепинен де бир қатар жумыслар әмелге асырылып, 32901 м.куб. (соннан, транспорт қуралларында – 7670,00 метр куб, қоймаханаларда – 24690,00 метр куб, ҳәр қыйлы өнимлер (ағаш, азық-аўқат ҳәм басқалар) – 541,00 метр куб) ҳәм 151 дана зыянсызландырыў (фумигация) актлери рәсмийлестирилип берилди.

211 халықаралық фитосанитария сертификаты, 870 ишки фитосанитария сертификаты, 1364 транспорт бирлигин ашыў ҳәм карантин тексериў акти, 8211 экспорт ҳәм импорт ушын зыянсызландырыў акти рәсмийлестирилди.

Нәтийжеде, өсимликлер карантини қадағалаўы астындағы өнимлердиң экспорты 26797 тонна, импорты 1386,58 тонна, 3286 дана, 9362,05 м.куб.ты қурады.

Сондай-ақ, 115 гектар майданда зыянлы шегиртке ошақларына қарсы химиялық қайта ислеў жумыслары белгилеп қойылды.

Аўыл хожалығы егинлери атызларындағы, елатлы пунктлердеги абаданластырыў, жасыл зоналардағы терек, пута ҳәм гүллер егилген майданлардың 47,76 мың гектарында фитосанитариялық мониторинг өткерилди.

2025-жылдың биринши шерегинде жергиликли аўыл хожалығы өнимлеринен жыл даўамында фитосанитария лабораториясына карантин астындағы өнимлерден жәми 1950 үлги энтомологиялық, фитопатологиялық, гербологиялық экспертизадан өткерилип, соннан 1 карантин объект ҳәм 1 зыянлы организм анықланды.

Быйыл фермер хожалықларына тийисли атызлардың шетлери ҳәм коллектор-дренаж әтирапындағы жәми 1004 гектарлық майданда мийўели нәллер ҳәм 688,5 гектарлық майданда бир жыллық егинлер егилиўи тәмийинленди. Соның ишинде, фермерлердиң егислик майданы әтирапында 905 гектарда мийўели нәллер ҳәм атыз шетиндеги 625 гектар майданда бир жыллық аўыл хожалығы егинлери егилди, канал-коллектор жағасындағы 99 гектар жер майданларында 108 мың дана мийўели нәллер егилиўи тәмийинленди.

  • Агентлик тәрепинен зыянлы шегирткеге қарсы жәрияланған “әҳмийетли” 20 күнлик нәтийжелери қандай болмақта?

– Быйыл қәнигелердиң бақлаўына бола, шегирткелердиң саны өткен жылға салыстырғанда көп екенлиги бақланған. Сол себепли “ошақлар” анықланған аймақларға күшлерди мобилизациялаў, зәрүр техника менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Шегиртке тарқалған майданларда “шатырлар” шөлкемлестирилип, күн даўамында 3 мәрте оператив мағлыўмат берип барыў жолға қойылған.

Зыянлы шегирткеге қарсы гүресиў мәўсимин зыянсыз өткериў ушын материаллық-техникалық база жаратылған болып, жанылғы ҳәм химиялық қураллар резерви топланған. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында химиялық қайта ислеў режелестирилип атырған майдан 112 000 гектар болып, 11 отряд шөлкемлестирилген. Қарсы гүреске тартылатуғын техникалардың жәми саны 115 дана.

Аймақларда шөлкемлестирилген оператив штаблар “әҳмийетли” 20 күнлик шеңберинде 24/7 режиминде жумыс алып барады. Сапалы бақлаў алып барыў ушын аймақлар аралық мониторинг күшейтилди. Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер менен шегаралас аймақларда күнлик мағлыўмат алмасыўды жолға қойыў белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасында зыянлы шегирткелердиң раўажланыўы ҳәм тарқалыўына қолайлы 3 миллион гектардан аслам жер майданы болып, өткен жылғы гүзги бақлаў нәтийжелери бойынша 112 мың гектар жер майданында зыянлы шегирткелер тәрепинен мәйек қойылғаны анықланды.

Өзбекстанда 200 түрдеги шегирткелерди ушыратыў мүмкин, олардың топар пайда етиўши 6-8 түрине қарсы ҳәр жылы гүрес илажлары алып барылады. Себеби, бул жәнликлер аўыл хожалығы егинлери, сексеўилзарлар ҳәм жайлаўларға зыян жеткериў қәўпи бар.



Усы жерде пуқаралардан, социаллық тармақларда тарқатылып атырған ҳәр түрли тийкарсыз мағлыўматларға исенбеўин, исенимли мағлыўматты агентликтиң рәсмий социаллық тармақларынан алыўын сорап қалар едик. Бул бойынша карантин агентлиги ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер менен бирге ислесиўге таяр екенин мәлим етеди. Зыянлы шегирткелер тарқалған аймақ ҳаққында хабардар болсаңыз қысқа 1288 ҳәм (71) 202-28-88 номерлерине хабарласыўыңызды сораймыз.

Еслетип өтемиз, химиялық қайта ислеў илажларын әмелге асырыў пүткиллей бийпул есапланады.

Сәўбетлескен: Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги