Нөкисте «Roadshoy» презентациясы өткерилди

290

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 19-апрельдеги «Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық,  көшпес мүлк обектлери ғалабалық саўдаларға шығарылыўы  белгиленген.

Аймақларда усы қарардың әҳмийетин исбилерменлерге ҳәм кең жәмийетшиликке түсиндириў, оны үгит-нәсиятлаў жумысларын жеделлестириў мақсетинде, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен Нөкис каласы Жаслар орайында меншиклестирилиўи белгиленген мәмлекетлик активлер, соның ишинде, кәрханалардағы мәмлекетлик үлеслер, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм сатылыўы белгиленген жер участкалары ҳаққында гезектеги «Roadshoy» презентациясы өткерилди.

Илажға 200 ден аслам исбилермен ҳәм инвесторлар, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы ири кәрханалардың ўәкиллери қатнасты.

Оны Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Махсуд Раджапов басқарып барды.

Илажда Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлик директорының биринши орынбасары Нодир Хусанов шығып сөйлеп, соңғы жыллары мәмлекетимизде меншиклестириў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша ири реформалар әмелге асырылып, исбилерменлер ушын бир қатар жаңалықлар ҳәм қолайлықлар жаратылғанын атап өтти.

Сондай-ақ, презентацияда Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Қурал Қарлыбаев, Е-аукцион акционерлик коммерциялық жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Руслан Есимбетовлар соңғы жыллары республикамызда бул бағдарда исленген жумыслар ҳәм алдағы ўақытлары ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-апрельдеги 70-санлы Пәрманының халқымыз турмысындағы тутқан әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

-Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет, исбилерменлерге кең имканиятлар жаратылғанлығын сондай-ақ, олар менен бирге ислесиў, машқалаларын үйрениў, соның менен бирге мәмлекетлик активлердиң саўдаға шығыўы ҳәм олардың сатылыўы жөниндеги мағлыўматлардың жәриялылығын тәмийинлейден ибарат,-дейди Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Қурал Қарлыбаев.

Көтериңки руўхта өткен илажда қатнасыўшылар тәрепинен бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли қәнигелерден жуўаплар алды. Соның менен бирге, жергиликли исбилерменлердиң бир қатар усыныслары қабыл етилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Бердибек Сейтназаров қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы