Судьялар нуранийлердиң алғысына миясар болды

9-май-«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» – бул тек ғана байрам емес, ал халықтың, миллеттиң, мәмлекеттиң қәдириятларға болған мүнәсибетин белгилейди. Соның менен бирге, бул тарийхқа ҳүрмет ҳәм өткен күнлерден жуўмақ, Ўатан пидайыларын еслеў, жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жасы үлкен нуранийлерге итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў дегенди де аңлатады.
Ҳәр жылы елимизде кеңнен белгиленип атырған 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен суд системасында узақ жыллар нәтийжели жумыс ислеген ветеран судьялардың ҳалынан хабар алыў, оларды қәдирлеў, итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў жақсы дәстүрге айланған.

Сонлықтан быйыл да Қарақалпақстан Республикасындағы судлардың судьялары бир қатар кәсиплес устазларының шаңарақларында болып, оларға естелик саўғаларын тапсырды.
Нуранийлеримиз де өз гезегинде бундай итибар ҳәм ғамқорлық ушын илаж шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирип, жас судларды әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўдей уллы ўазыйпаға садық болыўға шақырды.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы