Электр тармағының жоқлығы суўды үнемлеўши технологияларды енгизбеўге себеп болмады

Қарақалпақстан Республикасында дийқаншылық етилетуғын, атап айтқанда, пахта жетистирилетуғын көпшилик майданларға электр тармақлары бармаған. Бирақ, бул төрткүлли дийқанлардың суўды үнемлейтуғын технологияларын енгизбеўине себеп болмай атыр.
Төрткүл районының «Жанбасқала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Журабек СА» фермер хожалығының пахта атызында өткерилген көргизбели семинарда усылар ҳаққында сөз болды.
Семинарда, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги басқарма баслығы Д.Кдырбаев, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Уразымбетов шығып сөйлеп, райондағы «Журабек СА» фермер хожалығының суўды үнемлеўши технологияны енгизиў бағдарындағы басламаларын басқаларға үлги сыпатында атап өтти.
Сондай-ақ, район ҳәкими орынбасарының қатнасыўында, «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси ҳәм қурылыс шөлкемлериниң жуўапкерлери менен биргеликте районда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар додаланды. Мағлыўмат ушын, бул фермер хожалығы 33 гектар майданға Қытай технологиясы тийкарында шигит егип, 825 миллион сумлық өз қаржылары есабынан тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизмекте. Әлбетте, бул технологияның ислеўи ушын насос агрегаты зәрүр, ол болса, электр энергиясы менен ислейди. Фермер хожалығы ағзалары бул мәселеге де заманагөй, альтернатив усылдан пайдаланды. Бул аймақта электр тармақлары болмағаны ушын 200 миллион сум есабынан 50 киловаттлық қуяш панеллерин орнатды.

Семинарда қатнасыўшылар суўды үнемлеўши технология ҳәм қуяш панеллерин орнатыў жумыслары менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўапкерлерден жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги