Үнемлеў – нәтийжелиликке тийкар жаратпақта

Президентимиз қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Елликқала районында “Жанар май-энергетика тараўында мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў мәселелери” атамасында мәжилис шөлкемлестирилди. Бул мәжилис Бас прокуратураның Елликқала районына бириктирилген жуўапкер хызметкери Ф.Алламбергеновтың басламасы ҳәм районлық уйымлараралық жумысшы топар ағзаларының қатнасыўында өткерилди, деп мағлыўмат береди ҳәкимлик мәлимлеме хызмети.
Мәжилисте район ҳәкими В.Ниязимбетов, тараўлық шөлкемлердиң басшылары, тийисли кәрханалардың жуўапкерлери ҳәм басқа да жуўапкерлер қатнасты. Сөйлесиў даўамында энергия ресурсларын үнемлеў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, еки басқышлы қадағалаў системасына өтиў, энергия балансы ҳәм оның көрсеткишлери, сондай-ақ, үнемлеў бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Мәжилис шеңберинде районда әмелге асырылып атырған жумыслар талланып, айма-ай экономикалық режелердиң орынланыўы, газ балансын қәлиплестириў, жанылғы ҳәм энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў жағдайы бойынша жумысшы топар ағзаларының есабатлары тыңланды.


“Думанқала” мәҳәллесинде жайласқан “BUSTAN GOLD TEKSTIL” ЖШЖда әмелге асырылып атырған илажлар үйренилди. Ири көтере тутыныўшы есапланған бул кәрханада жанылғы-энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумыслардың жағдайы көрип шығылды. Бар машқалалар ҳәм келешектеги режелер тыңланды.
Сондай-ақ, “BUSTAN GOLD TEKSTIL” ЖШЖ тәрепинен орнатылған 50 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлери ҳәм 300 кВар реактив энергияны компенсациялаў үскенелериниң ислеў жағдайы көзден өткерилди. Жуўапкерлерге анық усыныс ҳәм тийисли көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги