Мәҳәлле турғынларының мүражаты унамлы шешилди

360

Нөкис районы «Қутанкөл» МПЖ аймағынан өтетуғын автомобиль жолы бираз жыллардан берли авариялық жағдайға келип қалған еди. Автомобиль айдаўшыларға қолайсызлықларды туўдырып киятырған бул жолды қайта оңлаў ушын мәҳәлле турғынлары  район ҳәкимлигине мүрәжат пенен шығып ҳәм бул мәселе унамлы шешилип, ҳәзирги ўақытта жолды қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта.

-Усы «Қутанкөл» МПЖ аймағынан Шымбайға барыўшы үлкен жолға шекем тутасып кететуғын автомобиль жолын оңлап бериў бойынша ислеген мүрәжатымыз унамлы шешилгени ушын жүдә қуўанышлымыз. Әйне пайытта жолға ыссы асфальт төселип атыр.  Аймағымыз турғынлары усы жол арқалы Шымбай районына көп қатнайды. Сондай-ақ, жолдың бир шақырым 800 метр жерин оңлаўды да басламалы бюджеттен утып алдық. Алдағы ўақытта оны да оңлаў режелестирилмекте. Хожалықларға суў жеткерип бериў ушын жолдың еки бойындағы салмалардың иши  бетон менен қапланбақта.  Әлбетте булардың бәри мәмлекетимиз тәрепинен халықтың жақсы турмыс кешириўи ушын исленип атырған ийгиликли ислери. Бул ушын биз ел басшыларына миннетдармыз,-дейди мәҳәлле турғыны, нураний С. Ақназаров.

Қарақалпақстан хабар агентлиги