Мектеп альтернатив энергия дәрегинен пайдаланбақта

Алдын хабар берилгениндей, орынларда қуяш панельлерин орнатыў жумысларының бажыхана хызметкерлери тәрепинен муўапықластырыў илажлары даўам етпекте.
Нөкис қаласындағы “Муҳаммад Ал-Хорезмий” атындағы қәнигелестирилген мектепке 200 кВт қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылған.
504 орынға мөлшерленген бул мектептиң 222 орынлық жатақханасы болып, оқыўшылар 5 мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Сонлықтан да, мектептиң электр энергиясына талабы жоқары – жылына 350 мың кВт.
Мектепке орнатылған 200 кВт/саат қуўатлылықтағы альтернатив энергия дәреклери арқалы ислеп шығарылып атырған энергия бүгинги күнде мектептиң талабын толық қанаатландырып, аўысқан энергияны тармаққа узатыў нәтийжесинде жылына 35-40 миллион сум муғдарында дәрамат алыўына да тийкар жаратпақта.

Жуўапкер бажыхана хызметкерлери тәрепинен орнатылған инвенторлардың жумысшы жағдайы үйренилип, Бажыхана комитетиниң “Жасыл энергия” бағдарламасында тастыйықлаў илажлары көрилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги