12-май – Халықаралық өсимликлерди қорғаў күни

313

Мағлыўматларға қарағанда, өсимликлер биз қабыл ететуғын азық-аўқаттың 80 процентин ҳәм жутатуғын кислородтың 98 процентин береди екен. Бүгинги күнде оларға қоршаған орталықтың патасланыўы, климат өзгериўинен баслап зыянкеслердиң тарқалыўына шекемги көплеген тәсирлер қәўип салмақта.

Өсимликлердиң саламатлығын қорғаў ашлықты сапластырыўға, биологиялық көптүрлиликти ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға, экономикалық раўажланыўды жеделлестириўге қандай жәрдем беретуғыны ҳаққында пүткил дүньяда хабардарлықты арттырыў мақсетинде БМШ 12-майды Халықаралық өсимликлер саламатлығын қорғаў күни деп жәриялады.

– 12-май – Халықаралық өсимликлерди қорғаў күни, деп белгиленип, оның мақсети – планетамыз флорасын сақлап қалыў ҳәм биологиялық көптүрлиликти қорғаў илажлары ҳаққында хабардарлықты арттырыў болып табылады,-дейди Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Тақыятас районлық бөлими инспекторы Баҳадыр Шәмшетов.

Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) глобал туризм ҳәм саўданың жедел раўажланыўы нәтийжесинде өсимликлер ушын қәўипли организмлердиң тарқалыўы сыяқлы машқалаға халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын қаратпақта. Зыянкеслер биологиялық көп түрлилик жоғалыўының тийкарғы себеплеринен бири, деп атап өтеди ФАО.

Шөлкем экспертлери, атап айтқанда, теңиз контейнерлери ҳәм жүклерин тазалықты сақлаў арқалы өсимликлердиң зыянкеслери ҳәм кеселликлериниң тарқалыўын азайтыўға мүмкиншилик беретуғын өсимликлердиң зыянланыўын азайтыў илажларын ислеп шықпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги