«Орайлық» мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы сайланды

Мәмлекетимиздиң барлық мәҳәллелеринде усы жылдың 1-майынан баслап пуқаралар жыйыны баслықларын сайлаў ислери басланып, әйне пайытта даўам етпекте. Сайлаў процеси 1-июльға шекем даўам етип, елимиз бойлап 9500 мәҳәлледе өткерилиў белгиленген. Усы жылы Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Жаңа редакциядағы нызамға бола, енди мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға создырылды.
Тақыятас районындағы “Орайлық” мәкан пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў болып өтти.





Ашық-айдынлық принципи тийкарында өткерилген илажда Мәҳәлле баслығы сайлаўы жуўмағына бола Гүлчехра Бабажанова “Орайлық” МПЖ баслығы етип сайланды.
-Жаңадан сайланып атырған МПЖ баслығынан мәҳәллемиз еле де абат болыўы, халқымыздың жақсы турмыс кешириўи ушын ислерде бас-қас болып, жуўапкершилик пенен жумыс алып барыўына исенемиз ҳәм үмит етемиз,-дейди мәҳәлле турғыны Айна Туреева.
Қарақалпақстан хабар агентлиги