Жас футболшылар жеңимпазлық ушын гүрести

303

Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Бозатаў районында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың «Мини футбол» түри бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысының районлық басқышы болып өтти.

Оған районның барлық аймақларынан командалар қатнасып, қызғын өткен ойынлар жуўмағында, Бозатаў посёлкасы жаслары биринши орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жарыстың келеси басқышына жолламаны қолға киргизди. Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Еркиндәрья ҳәм Қусханатаў  аўыл пуқаралар жыйынларының командаларына несип етти.


Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы