Бийдайдың тийкарғы зыянкеслери туўралы нелерди билемиз?

353

Ҳәзирги ўақыт – халқымыздың тийкарғы ырысқы-несийбеси болған  бийдай егилген атызлардың қулпырып, қараған көзди қуўандыратуғын дәўири. Бул ўақытта оларды зыянкеслерден қорғаў, өниминиң толық ҳәм сапалы болыўына тийкар жаратады. Бийдайдың тийкарғы зыянкеслери ҳәм оларға қарсы гүресиў усыллары туўралы нелерди билемиз?

Бийдай трипси. Бул зыянкес – барлық бийдай атызларында ушырасады. Масақланыў дәўири басланыўы менен трипслер пайда бола баслайды. Личинкалары масақ қабығының ишине кирип, қабық ҳәм гүл ширесин, соңынан дәнлериниң ширесин сорып азықланады.

Зыянланған дәнниң салмағы ҳәм сапасы төменлейди. Бир дәнде трипстиң бир личинкасы болғанда өним 11 процентке, үшеў болғанда 34-35 процентке шекем, ал бесеў болғанда 50 процентке шекем набыт болатуғыны бақланған. Трипстиң личинкасы жинишке, узынлығы 2 миллиметрге шекем, мурты 7 буўынлы, қарнының ақырғы буўынындағы қылшасы қысқалаў, личинкасы ашық қызыл ренде болады. Бийдай трипси жас личинка дәўиринде жоңышқа пақалларындағы топырақ кесеклери астында, жер жарықларында қыслайды. Ерте бәҳәрде температура +8-10°С қа жеткенде, личинкалар ҳәрекетленип азықлана баслайды. Апрель айы даўамында жетилискен трипслер пайда болады.

Олар май айының орталарына келип көбейип, мәйек қоя баслайды. Урғашы трипс масақ қамысының қабығына, гейде биреўден, гейде бир неше мәйек қояды. Жетилискен трипс бийдай өсимлиги пақалының ушын, жапырақ қынын сорып жасайды.

Мәйек қойғаннан 6-7 күн өткеннен кейин личинка пайда болады. Личинкалар масақ қамысы қабығының ишине кирип, қабық ҳәм гүл ширесин сорып ала баслайды. Кейинирек дәниниң ширесин сорыўға кириседи. Трипс бийдайдан басқа арпа, сулы, мәкке ҳәм басқа да дәнли егинлерди де зыянлайды. Өним 50 процентке шекем азайып кетиўи мүмкин. Бийдай трипси бир жылда бир мәрте әўлад береди. Трипс зыянланған майданларда найшаланыў дәўиринде нәллерде бир дана, пақалда 8-10 дана, ал сүт писиў дәўиринде ҳәр бир масақта орташа 15-20 дана трипс анықланса, қарсы гүресиў мақсетинде жерлерди жақсылап сүриў, алмаслап егиўди енгизиў ҳәм химиялық қорғаў қуралларынан пайдаланыў зәрүр.

Ғәлле ширеси. Ғәлледе үш түрли бийдай ширеси – бийдай ширеси, үлкен бийдай ширеси ҳәм мәкке ширелери ушырасып, үлкен зыян келтиреди.

Ширелер 10 мәртеден артық әўлад берип, масақтағы дәнлердиң бос болыўына алып келеди. Нәтийжеде, өсимлик сарғайып, қуўрап қалады. Күшли зыянлағанда ғәлле масақламайды. Оған қарсы гүресиў илажлары тез өткерилмесе, бийдайдың өнимдарлығы 35-40 процентке шекем азаяды. Егер ғәлледе ширелердиң тәсиринде өсимликтеги 50 процент масақ зыянланса, бир масақтағы ширелердиң саны 5-10 дана, сүт-мум писириў дәўиринде 20-25 данаға жетсе химиялық препаратлар менен гүресиў илажлары өткериледи.

Зыянлы ҳасыўа (шегирткениң түри). Ғәлле егинлериниң ең қәўипли зыянкеслериниң және биреўи –зыянлы ҳасыўа шыбын-ширкейи болып есапланады. Усы зыянкестиң себебинен дәнде белок, клейковина ҳәм басқа да керекли органикалық затлардың муғдары азайып кетеди. Ҳасыўа жетилискен имаголик басқышында атыз әтирапларында (әсиресе таў ҳәм таў алды) жапырақлар, таслар, өсимлик қалдықларының астында қыслап шығады. Ҳасыўа бираз қосымша азықланғаннан кейин урғашылары бийдай егинлерине март айының ақыры, апрель айының басларында мәйек сала баслайды. Ол мәйеклерин жапырақларға жетеўден еки қатар етип салады. Ҳәр бир урғашы шегиртке 150 ге шекем мәйек қояды. Жаңа әўлад личинкалары апрель айының екинши ярымынан баслап масақлардағы дәнлерди сорып зыянлайды.

Ғәллениң қамысларында сорыўшы зыянкеслердиң (өрмекши кене, шире, трипс) дәслепкилери пайда болыўы менен олардың кейин ала көбейип, егинлерге тарқалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде алтынкөздиң 4 күнлик мәйеги атызларға зыянкеслердиң санына қарап 1000-1500 данадан тарқатылып, оларға қарсы гүресиў илажлары әмелге асырылады. Соң ғәлледеги сорыўшы зыянкеслердиң раўажланыў дәрежеси, олардың өсимликлердеги көбейиўине қарап агротехникалық илажлар өткериледи.

Алтынкөздиң мәйеклери 10х10м. схемада гектарына 100 орынға қойылыўы керек. Сондай-ақ, ерте бәҳәрде атыз шетлериндеги жабайы шөплерде ушырасатуғын ҳәм кейин ала атызларға көшип өтетуғын зыянкеслерге де қарсы профилактикалық мақсетте алтынкөзди гектарына 500 данадан тарқатыў усыныс етиледи.

Ғәллениң тийкарғы зыянкеслерине қарсы гүресиў ушын мәмлекетлик химия комиссиясы тәрепинен ислеп шығарылған препаратлар дизиминен келип шыққан ҳалда усыныс етиледи. Олардан: БИ-58 жаңа 40% к.е. 1,5 л/га; Енджео 24,7% сус.к. 0,5 л/га, Вертимек 1,8% к.е. 0,4 л/га, Нурел-Д 55% ем.к. 1,0 л/га; Кораген сус.к. 200 г/л 0,15-0,2 л/га ҳәм басқа руқсат етилген препаратлар менен қайта ислеў бериледи.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы

Қарақалпақстан хабар агентлиги