Халқымызға шексиз қуўаныш бағышлаған күн

248

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Шоманай районы орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелигиниң алдында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Оған, район ҳәкими, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, нураныйлар, барлық мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Илажда район ҳәкими А.Аметов  шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Екинши жер жүзилик урыста мәртлик көрсетип, халқының тынышлығы ушын гүрескен ўатанласларымыздың естелиги ҳүрметине гүлшеңберлер қойылды.



Әлбетте, халқымыздың тарийх бетлерине өшпес ҳәриплер менен жазылған бундай мәртлик ҳәм жигерлилик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм жоқары мәнаўият бәршемиздиң қәлбимизге шексиз мақтаныш бағышлайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги