Мақсет – жаслардың ҳуқық қорғаў уйымларының жумысына қызығыўшылығын қәлиплестириў

Хабарыңыз бар, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2022-жылдың басында алға қойылған баслама тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларында биреўден мектеп бажыхана уйымлары тәрепинен аталыққа алынған болып, оларда билим алып атырған жасларды миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ҳуқық қорғаў уйымларының жумысына қызығыўшылығын қәлиплестириў мақсетинде “Жас бажыханашы” дөгереклери жумыс баслаған еди.
Оқыў жылы даўамында дөгерек шеңберинде шөлкемлестирилген теориялық оқыў-сабақлары бажыхана постларына шыққан ҳалда әмелий жақтан беккемленбекте.
Мектепте оқып атырған бир топар жаслар ушын “Нөкис-аэропорт” шегара бажыхана постында “Ашық есиклер күни” шөлкемлестирилип, онда оқыўшы жасларға пост жумысы, бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетлениў тәртип-қағыйдалары бойынша әмелий оқыў сабақлары өткерилди.
Бажыхана қадағалаўы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи бойынша оқыў-сабақлары даўамында берилген теориялық билимлер, бажыхана постындағы қадағалаў техникалық қураллары, мәлимлеме бағдарламаларынан пайдаланыў перспективаларын әмелий көрген оқыўшылар ушын үлкен көнликпеге айланды ҳәм бул саяхат олардың бажыхана уйымларының жумысы ҳаққындағы түсинигин арттырыўға хызмет етти.
Халықаралық аэропортларда бажыхана қадағалаўының әмелге асырылыўы, “қызыл” ҳәм “жасыл” коридорлардың әҳмийети, сканер қурылмаларының имканиятлары ҳәм таллаў қәбилетлери ҳаққында түсиниклерге ийе болған оқыўшылар, көшпели оқыў сабағы даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Әсиресе, әмелий оқыў процесинде профайлинг бағдарында алған көнликпелерин беккемлеў мақсетинде өткерилген жарыс-ойында оқыўшылар үлкен қызығыўшылық ҳәм белсендилик пенен қатнасып, бажыхана тараўының кең көлемли жумысын сезди.
Ушырасыў даўамында бажыхана хызметкериниң төрт аяқлы жолдасы (хызмет ийтлери) бойынша да және бир мәрте түсиниклер берилип, пост киши инспектор-кинологына бириктирилген хызмет ийти жәрдеминде әмелий шынығыўлар көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги