Аўызбиршиликли халықты ҳеш қандай күш жеңе алмайды

9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
Қанлыкөл районында 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелиги майданында байрам илажы болды.
Онда район ҳәкими Б.Султанов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, урыс майданларынан қайтпаған, усы тыныш заман күнлерге жетип келе алмаған әзиз инсанларды яд етип, сол дәўирдеги олардың бүгинги күн ушын ислеген пидәкерлигин жоқары баҳалады.
Мийнет фронты артында қатнасқанларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естеликлерине кең жәмийетшилик ўәкиллери гүлшеңберлер қойды ҳәм ҳүрмет көрсетилди.
Илажда атап өтилгениндей, елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар ушын – усы журт, усы халық пенен мақтаныўы, оның келешеги, абаданлығы жолында қайғырыўы ҳәм ҳәрекет етиўи ең уллы инсаныйлық пазыйлетлерден бири. Себеби, ҳәр қандай миллеттиң, халықтың перзенти өз миллетин, халқын улығлаў ушын жасаўы керек. Мине, усы идея әтирапында бирлескен аўызбиршиликли халықты ҳеш қандай күш жеңе алмайды.
Илаж райондағы Жаслар сейили орайында даўам етти. Жаслардың келешекке исеними, руўхый көтериңкилиги, берилип атырған имканиятлар дереги олар атқарған ҳәр бир байрам илажында көзге тасланады.

Аўызбиршилик, тынышлық ҳәм абаданлық нышаны болған Ақкептерлер ашық, тыныш аспанымызға ушырылып, байрамға және де өзгеше руўхый көтериңкилик бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги