Жасы үлкенлерге ҳүрмет- ағла пазыйлет

Халқымыздың ең ағла пазыйлетлериниң бири – жасы үлкен инсанларға ҳүрмет көрсетиў болып есапланады. Өз өмирин Ўатанның раўажланыўы, халықтың абаданлығы жолына бағышлаған нуранийларымыздың дуўалары берекет дәреги, олардың турмыслық тәжирийбелери болса, бүгинги жас әўлад ушын бийбаҳа мектеп болып есапланады.
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы Ж.Султанов ҳәм Айрықша жағдайлар бөлими баслығы Д.Аллабергановлар 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, екинши жер жүзлик урыс жылларында фронт артында мийнет еткен нураний анамыз Бийбихан Акимниязованың ҳалынан хабар алып, оған ҳүрмет белгиси сыпатында байрам саўғаларын тапсырды.


Өз гезегинде, Бийбихан апа да өзине көрсетилип атырған сый-ҳүрмет ушын Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына терең миннетдаршылығын билдирип, жасларға өз алғысын жаўдырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги