«Техникалық тәртипке салыў» миллий мәлимлеме системасы иске қосылды

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 28-февральдағы «Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм 2025-жыл 29-январьдағы «Бюджет қаржыларынан пайдаланыў үстинен финанслық қадағалаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигин санлы трансформациялаў тараўында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Санлы технологиялар министрлигиниң жәрдеминде «Техникалық тәртипке салыў» миллий мәлимлеме системасы иске қосылды ҳәм Агентлик жанындағы Арнаўлы ситуациялық орайы ашылды.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, «Техникалық тәртипке салыў» миллий мәлимлеме системасы агентлик жумысының барлық бағдарларын – стандартластырыў, метрология, сертификатластырыў, аккредитациялаў ҳәм мәмлекетлик қадағалаўды қамтып алады ҳәм барлық процесслерди толық электрон түрге өткериў арқалы қағаз ҳүжжет айланысынан ўаз кешиўге хызмет етеди.

Система 12 функционал модулден ибарат. Ол Бажыхана комитети, Салық комитети, Бирден-бир идентификация системасы (OneID) сыяқлы мәмлекетлик платформалар менен интеграцияланған. Бул болса арзалардың жағдайын реал ўақыт режиминде бақлаў, инсан факторын азайтыў ҳәм барлық процесслерде ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын береди.

Соның менен бирге, Арнаўлы ситуациялық орайдың жумысы басланады. Ол «Техникалық тәртипке салыў» мәлимлеме системасының экосистемасын турақлы мониторинг етиў ўазыйпаларын атқарады. Сондай-ақ, тараўдағы қәўип-қәтерлер ҳәм машқалаларды анықлаў ҳәм таллаў, нызам бузыўшылықларды жедел анықлаў ҳәм қарарлар қабыл етиў, 24/7 режиминде системаны нәтийжели басқарыў имканиятын береди.

Бул басламалардың әмелге асырылыўы Өзбекстанда халықаралық сапа стандартларына ерисиў, глобал майданда мәмлекеттиң абырайын арттырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, Корея Республикасы сыяқлы халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Ш.Маматуропова, ӨзА