Аймақларда байрам көтериңки руўхта белгиленбекте

480

Беруний районындағы “Еслеў” майданында “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажды Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ашып берип, урыс жылларында саўаш майданларында мәртлик көрсеткен, фронт артында пидайылық пенен мийнет еткен ўатанласларымыз ҳаққында шын жүректен сөз етти. Ол өз сөзинде:

– 9-май “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” сыпатында кеңнен белгилениўи дәстүрге айланған. Саўаш майданларында жанын пидә еткен, фронт артында мийнет еткен, ҳәзир арамызда саў-саламат жүрген ветеранларымыз – биз ушын тири әпсана ҳәм тарийх,-деп атап өтти.

Илаж даўамында Беруний районынан шыққан мәрт жаўынгерлер – Оразбай Жуманиязов, Александр Данилович Трашков, Мырза Азимбоев ҳәм Жабби Матниязовлардың атлары айрықша атап өтилди. Олар Екинши жер жүзилик урыстың аўыр күнлеринде душпанға қарсы мәртлерше гүресип, жанын пидә еткен халық қаҳарманлары сыпатында “Совет Аўқамы Қаҳарманы,” “Алтын Жулдыз” ҳәм “Қызыл Жулдыз” орденлери менен сыйлықланған.

Бүгинги күнде Беруний районында урыс жылларында фронт артында мийнет еткен 7 ветеран жасамақта. Олар Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған естелик юбилей медалы ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Байрам илажы даўамында мәденият хызметкерлери тәрепинен Ўатанымызды жырлайтуғын қосықлар жаңлады, сахналық шығыўлар көрсетилди. Сондай-ақ, Ҳәсиретли ана ҳәм Аўған жаўынгери естеликлерине гүллер қойылды.

Бундай илажлар жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ата-бабалардың мәртлигине ҳүрмет руўхын сиңдириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги