Еслеў ҳәм қәдирлеў ең ағла пазыйлетлердиң бири

437

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни. Мийрим-шәпәәт, қәдир-қымбат, ата-бабалардың руўхына ҳүрмет сыяқлы халқымыздың ең ағла пазыйлетлерин өзинде жәмлеген уллы байрам.

Мәмлекетимиздиң сиясий майданында өз орнына ийе болған Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысымыз жолында өмириниң нәўқыран дәўирлерин урыс жалынларында, саўаш майданларында өткерген инсанлардың машақатларын, теңсиз мәртлик сыпатында баҳалайды. Партия идеялары, мақсет ҳәм ўазыйпаларының тийкарында бәрқулла өткенлердиң руўхына ҳүрмет көрсетиў ҳәм қәдирлеў адамгершиликтиң жоқары қәдириятларынан бири екенлиги атап өтиледи.

Еслеў – бул қәдир-қымбат. Еслеў – бул тарийх. Ҳақыйқатында да, кешеги күнимиз уллыларын яд етиў, халқымыздың келешеги жолында жанын пидә еткен инсанларды еслеў бүгинги күнимиздиң қәдирине жетиўге, шүкиршиликке үйретеди. Пүткил елимизде «Ўатан абаданлығы, тынышлығы ҳәм оны қорғаў жолындағы қаҳарманлық умытылмайды» сүрени  астында екинши жер жүзилик  урыста  қолға киргизилген жеӊистиӊ 80 жыллығы ҳәм «9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» улыўмахалықлық байрам сыпатында кеңнен белгиленбекте.

Сәне мүнәсибети менен ӨзЛиДеП  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары ҳәм “Жаслар қанаты” ағзалары пайтахтымыздың “Әмиўдәря” МПЖ Қоңырат көшесинде жасаўшы 100 жасты қарсылаған Екинши жер жүзилик урыс ветераны Қадырбай ата Нармановтың шаңарағында болды.

Ветеран ата тыныш күнлеримизге шүкиршилик етип, партия белсендилерине өзиниң ақ пәтиясын берди.

– Ҳәр жылы 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, фронт арты пидайыларының ҳалынан хабар алыў партиямыз дәстүрине айланған, – дейди Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊеси депутаты Ырысты Қуттымуратова. Бул күн тек ғана урыста пидайылық көрсеткен қаҳарманларды еслеў емес, ал олардың пидәкерлик хызметлерин қәдирлеў, жасларға ўатансүйиўшилик руўхын сиңдириў ушын да әҳмийетли.

Ҳақыйқатында да, Қәдирбай атаның өмир жолы тарийхый ҳақыйқатлықты өзинде жәмлеген болып, оларда мәртлик, жигерлилик ҳәм сабыр-тақатлылықтың айқын үлгилерин көриў мүмкин. Бундай сәўбетлесиўлер, ветеранларға көрсетилген итибар ҳәм ҳүрмет жасларға руўхый таяныш, күш-қуўат бағышлап, оларды Ўатанға хызмет етиў, өз елине пидайылық пенен қараў руўхында тәрбиялайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги