Суд басламасы менен әҳмийетли семинар шөлкемлестирилди

306

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы ислерди көриўдиң өзине тән өзгешеликлери: суд әмелиятындағы машқалалар ҳәм олардың шешими» атамасында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Илажға судьялар, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы, прокуратура, мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, суд басқарыўшылары қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Ктайбеков шығып сөйлеп, төлеўге қәбилетсизлик (банкротлық) қурамалы ҳуқықый процесс болып, оны дурыс алып барыў жуўапкер тараў ўәкиллеринен терең билим, таллаў қәбилети ҳәм әмелий тәжирийбе талап етилетуғынын атап өтти.

-Себеби, суд әмелиятында банкротлық ислериниң саны артып барыўы, әсиресе, киши ҳәм орта бизнес тараўларында, бул мәселеге айрықша итибар қаратыўды талап етпекте,-дейди Б.Қтайбеков.- «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қарыздарлардың финанслық уқыплылығын анықлаў ҳәм олардың төлеўге қәбилетсизлигин дурыс баҳалаў имканиятын береди. Сонлықтан да, бул нызам нормаларын дурыс ҳәм анық қолланыў тараўда жүзеге келиўи мүмкин болған ҳәр қыйлы машқалалардың алдын алыўға хызмет етеди.

-2025-жылдың 1-март жағдайына бола судлардың ис жүргизиўинде сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў мүддети бир жылдан өткен 82 төлеўге қәбилетсиз (банкрот) кәрхана болып, бул категориядағы ислер айырым жағдайларда ҳәрекетсиз қалдырылған ямаса сапластырыўшы тәрепинен аралық ҳәм жуўмақлаўшы есабат усыныс етилмеген,» -дейди Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы А.Аяпов өз баянатында.- Нызам талабына бола, ҳәр шеректе аралық есабат, жумыс жуўмақланғанда – жуўмақлаўшы есабат тапсырылыўы шәрт. Банкротлық процесслериниң созылыўы кредиторлардың мәплерине зыян жеткереди, экономикалық айланыстағы исенимди төменлетеди ҳәм бизнес орталығын түсиниксиз жағдайға келтиреди.

Илажда төлеўге қәбилетсиз деп табылған ҳәм бир жылдан аслам мүддет даўамында сапластырыў жумыслары жуўмақланбаған кәрханаларды сапластырыў бойынша ис ҳалатлары бул иске жуўапкер болған шахслардың қатнасыўында ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, Салық кодекси ҳәм «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы нызам ҳәм басқа да нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер нормалары менен ислесиўде оларды әмелде дурыс қолланыў, нызамшылықта белгиленген процессуаллық мүддетлерге қатаң әмел етиў, ислерди көрип шығыўда исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерине зыян жеткермеў ҳәм жүзеге келип атырған машқалалы жағдайларды нызам шеңберинде сапластырыў зәрүр екенлиги ҳәр тәреплеме түсиндирилди.

Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен қәнигелерге бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

 Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги