Кубок ушын жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды

272

Усы жыл 7-май күни “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде билим бериў мәкемелериниң муғаллимлери арасында “Саламат денеде – сапалы билим!” сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кубоги ушын өткерилип атырған спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Бул жарысларды шөлкемлестириўден мақсет –  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы пәрманы менен тастыйықланған “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”ның 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўдан, яғный, денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын пуқаралардың санын арттырыў, билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлерин спорт илажларына кеңнен қамтыў, олардың арасында жарыслар шөлкемлестириў, спорт инфраструктурасын жақсылаў ҳәм зәрүр спорт инвентарлары менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң физикалық белсендилигин арттырыў, билимлендириў шөлкемлериндеги спорт секциялары ҳәм дөгереклариниң жумысларын раўажландырыўға жәрдем бериў, муғаллимлердиң бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў болып есапланады.

Кубок ушын өткерилген спорт жарыслары Нөкис қаласы 1- ҳәм 2-санлы спорт мектеплери, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Жаслар орайында болып өтти.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўапкер шөлкемлестириўшилер ҳәм тийисли министрликлердиң ўәкиллери қатнасты.

Жарыста өткен басқышларда жеңимпаз болған 17 команда қурамында 493 муғаллим ҳәм устазлар спорттың ғалабалық түрлери болған мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәм волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты. Бул жарыслардың өткен басқышларында 17 мыңнан аслам билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери қатнасқан еди.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип, жарыстың барысы тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды. Ҳәр бир спорт түринен жеке жеңимпазлар ҳәм жеңимпаз командалар анықлады.

Стол тенниси бойынша ҳаял-қызлар арасында Тақыятас районынан Ю.Худайбергенова биринши, Хожели районынан Ж.Маханова екинши, Төрткүл районынан С.Бекчанова үшинши, ал ерлер арасында Елликқала районынан И.Курбанов биринши, Әмиўдәрья районынан Д.Йулдошев екинши, Беруний районынан У.Машалов үшинши орынды ийеледи.

Шахмат жарысы бойынша ҳаял-қызлар арасында 1-орынды Шымбай районынан Г.Бекмуратова, 2-орынды Әмиўдәрья районынан Н.Гаипова,  3-орынды Нөкис қаласынан Л.Уразалиева, ерлер арасында болса 1-орынды Кегейли районынан А.Сапарбаев, 2-орынды Әмиўдәрья районынан А.Балтабаев , 3-орынды Шоманай районынан Д.Жалғасовлар ийеледи.

Спорттың шашка түри бойынша ҳаял-қызлар арасында 1-орынды Қоңырат районынан Д.Уразбаева, 2-орынды Елликқала районынан М.Бабатаева, 3-орынды Тақыятас районынан Ф.Бекимбетова, ерлер арасында 1-орынды Төрткүл районынан Х.Реимбаев, 2-орынды Хожели районынан Ж.Сапаров, 3-орынды Қараөзек районынан Д.Тажимуратовлар ийеледи.

Командалық жарысларда волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында өткерилген жарысларда Тахтакөпир районы командасы биринши, Нөкис қаласы командасы екинши, Мойнақ районы командасы үшинши, ерлер арасында болса Нөкис қаласы командасы биринши, Шымбай районы командасы екинши, Қараөзек районы командасы үшинши орынды ийеледи.

Соның менен бирге, спорттың мини-футбол түри бойынша да жарыслар қызғын бекллесиўлерге бай болды. Онда 1-орынды Нөкис қаласы, 2-орынды Нөкис районы, 3-орынды Кегейли районы командалары жеңип алды.

“Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында командалық есапта Нөис қаласы биринши, Тақыятас районы екинши, Әмиўдәрья районы үшинши орынларды ийеледи.

Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған Нөкис қаласы командасына “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” ҳәм 30 миллион сумлық ақшалай сыйлық тапсырылды.

Сондай-ақ, жеңимпаз болған командаларға ҳәм ҳәр қыйлы номинация ийелерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги