Ғаўаша кеселликлери ҳәм оларға қарсы гүрес илажлары

377

Ғаўашаның бүгинги күнде ҳәўиж алыўы мүмкин болған солыў яки вилт, тамыр шириў, гоммоз сыяқлы кеселликлери болып, ҳәзирги ўақытта усы кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылатуғын агротехникалық илажлар өнимниң толық ҳәм сапалы болыўына тийкар жаратады.

Ғаўашаның солыў яки вилт кеселлигин алып қарасақ, бул кеселлик қозғалтыўшының түрине қарап, солыў кеселлиги вертициллез ҳәм фузариоз вилтине бөлинеди. Кеселликтиң сыртқы белгилери өсимликтиң ғумшалаў ямаса гүллеў фазасында көринеди. Дәслеп төменги бөлиминдеги жапырақларда көп мүйешли яки шеңбер тәризли ашық-жасыл, кейин сарғыш дақлар пайда болады. Кеселлик белгилери жапырақларының қырында, жапырақ тамыры аралығында ямаса пүткил жапырақ бетинде пайда болады. Зыянланған жапырақ қоңыр реңге кирип, қуўраўды баслайды ҳәм түсип кетеди. Кеселликтиң ишки белгилери кеселленген өсимликтиң пақалын кесесине кесип қаралғанда, оның ағашлық бөлими қарайып, некроз пайда еткенде көриў мүмкин.

Фузариоз вилти. Кеселлик жиңишке талшықлы ғаўашаның нәллери пайда болған дәўиринен баслап, пүткил вегетация даўамында бақланады. Кеселликтиң белгиси нәллердиң жапырақларында сарғыш дақлар пайда болып, жапырақ тамыры торға уқсас көринеди. Дәслеп кеселленген өсимликлердиң буўын аралары қысқарып, тамыр мойыны жуўанласады, ушқы жапырақлары зыянланбай сақланып қалады.

Ғаўашаның тамыр шириў кеселлиги. Республика шараятында ғаўашаның әпиўайы ҳәм қара тамыр шириў кеселликлери ушырасады. Кеселлик шигит өнип шыққан дәўирден баслап 3-4 ҳақыйқый жапырақ пайда еткенге шекем даўам етеди. Кеселликтиң дәслепки белгилери әпиўайы тамыр шириўде нәллердиң тамыр мойнында тоқ баўыр реңдеги дақ пайда болыўдан басланып, кейнинен ширийди.

Гоммоз кеселлиги. Кеселлик өсимликтиң барлық жер үсти ағзаларын, жапырақ, туқым үлеси жапырақшалар, пақал, гүл, ғорек ҳәм талшығын кеселлендиреди. Кеселликтиң тийкарғы белгиси өсимликтиң зыянланған органларында май тәризли тамшылардың пайда болыўынан басланады. Жапырақта дәслеп мүйешли дақлар пайда болады. Жапырақтың бет формасы өзгерип, жапырақ аяқшасында қоңыр дақларды пайда етеди.

Қарсы гүрес илажлары: азотлы ҳәм калийли  төгинлер өсимликтиң кеселликке шыдамлылығын арттырады, ғаўаша атызларына жоңышқаны алмаслап егиўде пайдаланыў кеселликти азайтады. Туқымды зыянланбаған өсимликлерден таярлаў, оны егиўден алдын фунгицидлер менен қайта ислеў, топырақты терең сүриў, ғаўашаның қалдықларын жыйнастырып алып атыздан шығарып таслаў пайда береди.

Қарсы гүрес илажлары: агротехникалық илажларға әмел етиў, айрықша сапалы дәриленген туқымларды егиў, сийреклетиў ҳәм қатыўашқа қарсы гүресиўди өз ўақтында өткериў, алмаслап егиўге әмел етиў ҳәм ғаўаша пақалының қалдықларын тамыры менен атыздан шығарып таслаў.

Ғаўаша кеселликлерине  қарсы қолланылатуғын фунгицидлер дизими:

ZEREBRA s.e (75-100 мл/т+150-200 мл/га) егис алдынан туқымды қайта ислеўде қолланылады.

СПОРАГИН с.э.к (2,0 л/т+2,0 л/га, 2,0 л/га) егистен алдын туқымды дәрилеўде ҳәм  2 мәрте өсимликтиң өсиў дәўиринде бүркиў жолы менен, мәўсимде 3 мәртеге шекем қолланылады. (фузариоз, вилт ҳәм топырақтағы инфекцияларды азайтады).

ТРИХОДЕРМИН н.кук (0,2кг/т+0,3кг/га) өсимликтиң өсиў дәўиринде бүркиў жолы менен, мәўсимде 3 мәртеге шекем қолланылады. (фузариоз, вилт ҳәм топырақтағы инфекцияларды азайтады).

Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў илим-изертлеў институти

Қарақалпақстан Республикасы филиалы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги