Бүгин барлық хызметкерлер 1 саат алдын үйлерине кетиўи мүмкин

Бүгин, 8-май күни барлық хызметкерлер нызамлы тийкарда жумыстан 1 саат алдын кетиў ҳуқықына ийе. Бул жағдай Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 187-статьясында белгиленген болып, оған бола байрам (ислемейтуғын) күнлери алдында күнделикли жумыс (ямаса смена) мүддети кеминде бир саатқа қысқартылады.
Бизге белгили, 9-май – “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” мәмлекетимизде рәсмий дем алыс күни есапланады. Усы мүнәсибет пенен бүгин барлық хызметкерлерге әдеттеги жумыс ўақтының тамамланыўынан 1 саат алдын үйге кетиўине рухсат бериледи. Мысалы, әдетте кешки 18:00 ге шекем ислейтуғын хызметкерлер бүгин 17:00 де жумысты жуўмақлаўы мүмкин.
Бул тәртип барлық жумысшылар ушын улыўма есапланады. Соған қарамастан, жумыстың үзликсизлиги тәмийинлениўи зәрүр болған шөлкемлерде ямаса жумыс процесиниң өзине тән өзгешеликлери себепли ўақытты қысқартыў имканияты болмаған жағдайларда, хызметкерлерге артықша ислегенлиги ушын компенсация белгиленеди.
Бул компенсация хызметкердиң келисими менен жумыстан тысқары ислеген саатлары ушын қосымша дем алыс ўақты бериў ямаса мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген нормалары тийкарында ақшалай түринде төленеди.
Сол себепли, бүгин мийнет етип атырған барлық хызметкерлер өз ўақтын дурыс режелестирип, белгиленген тәртипке муўапық 1 саат ерте үйге қайтыў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги