Билимлендириў шөлкемлеринде ишимлик суўы обектлериниң инфраструктурасы жақсыланады

264

Ҳүкиметтиң тийисли қарарына тийкарланып, “Таза қоллар” бағдарламасы әмелге асырылады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Бағдарламаға бола, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў шөлкемлери санитариялық-гигиеналық қураллар менен жетерли муғдарда тәмийинленеди ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты және санитариялық объектлер (ҳәжетхана) инфраструктурасы жақсыланады. Олар имаратлардың ишки бөлиминде жайластырылады.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик инвестицияларды басқарыў геопорталы мағлыўматларынан пайдаланған ҳалда улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң санитариялық-гигиеналық инфраструктураларын жақсылаў бойынша мәнзилли бағдарлама қәлиплестириледи.

Буннан тысқары, улыўма орта билим бериў шөлкемлерин халықаралық тәжирийбе тийкарында суў тәмийнаты, санитария ҳәм гигиенаның “Үш жулдызлы қатнас” методикасы тийкарында баҳалаў системасы жолға қойылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги