Өзбекстан тәрепи Ҳиндстан ҳәм Пакистан арасындағы кескинлесип баратырған жағдайдың раўажланыўын қәўетер менен бақламақта – Сыртқы ислер министрлиги
246

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Ҳиндстан ҳәм Пакистан арасындағы кескинлесип баратырған жағдай бойынша баянат берди.
“Өзбекстан тәрепи Ҳиндстан ҳәм Пакистан арасындағы кескинлесип баратырған жағдайдың раўажланыўын қәўетерлениў менен бақламақта.
Еки тәрепти салмақлылық көрсетиўге, тынышлық ҳәм турақлылық мәплери тийкарында ҳәрекет етиўге, жағдайдың және де жаманласыўының алдын алыў ушын дипломатиялық сөйлесиўге тийкарғы әҳмийет бериўге шақырамыз,” делинеди СИМ билдириўинде.
Сондай-ақ, Өзбекстан жағдайды деэскализациялаў ҳәм тыныш жол менен шешиўге қаратылған ҳәр қандай халықаралық ямаса регионаллық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин мәлим еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги