Тараў заман талабына сай жедел раўажланбақта

294

7-май – Өзбекстан Республикасы мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўы хызметкерлери күни

Шынында да, бүгинги күнде заманагөй экономиканың ең перспективалы тараўы есапланған мǝлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Байланыс хызметкерлериниң кәсиплик байрамын белгилеў ушын 7-май сəнеси бийкарға таңланбаған. 1895-жыл 7-май күни Александр Попов биринши радиоприёмникти жойбарластырды ҳәм сымсыз байланыс тийкарында биринши сеанс әмелге асырылды. Усы күн байланысшылардың кәсиплик байрамын белгилеўге тийкар болып, жыллар өтип байланысшылардың бул күнди  кәсиплик байрамы сыпатында белгилеўи дәстүрге айланды.

7-май – бул жүз мыңлаған байланысшылар, радиотехник қәнигелер, радио ҳәм телевидение каналларының хызметкерлери, почта хызметкерлери, радиофизика факультетлериниң оқытыўшылары ҳәм студентлериниң байрамы. Бул байрамды және мәмлекетимизде жүз берип атырған әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив мәлимлемелерди жеткерип бериўшилердиң де кәсиплик байрамы, десек ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз.

Байланысшылардың күнделикли машақатлы мийнетин мүнәсип баҳалаў аңсат емес. Бул, бәринен бурын, турақлы мийнет, жаңа қураллар ҳәм мағлыўматлар жеткерип бериўдиң түрли усылларын ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыў дегенди аңлатады.

Президентимиздиӊ тийисли пәрманы  менен (2023-жыл 24-май күнги  ПФ-76-санлы пәрманы) 7-май сәнеси Өзбекстан Республикасы мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўы хызметкерлери күни деп белгиленди.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Министрлер Кенеси ҳәм Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлык секторы тәрепинен байрамға бағышланған илаж шөлкемлестирилди.

Оған республикамыздағы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы байланыс тараўы мәкемелериниң басшылары, қәнигелери, радиотехник қәнигелер, радиофизика факультетлериниң оқытыўшылары ҳәм студентлери, тараў пидайылары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, республикамызда байланыс тараўында өткен жылы ҳәм быйылғы жылдың биринши шереги даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, мобиль байланыс тармақларын кеңейтиў ушын
168 жаңа таяныш базалық станция орнатылды, 480 базалық станция модернизацияланды, аймағымыздағы 1123 елатлы пункттиң 99,6 проценти мобиль байланыс пенен, 96,6 проценти кең полосалы мобиль интернет хызметлери менен қамтып алынды. Халықты жоқары тезликтеги интернет пенен тǝмийинлеў ушын 7,6 мың километрлик оптикалық талшықлы байланыс кабели тартылып, оның жәми узынлығы 25,7 мың километрге жеткерилди. Жоқары тезликтеги интернетке жалғаныў ушын 98,5 мың портлар орнатылып, олардың саны 392,9 мыңға жеткерилди ҳǝм пайдаланыўшылардың саны 215 мыңнан асты.

Барлық улыўма билим бериў мектеплери, балалар бақшалары, денсаўлықты сақлаў объектлери, пуқаралар жыйынлары ҳǝм профилактика инспекторлары ханалары жоқары тезликтеги интернет пенен тǝмийинленди ҳǝм мǝлимлеме системалары тартылды.

Сондай-ақ, IT тараўында қəнигелер таярлаўды еле де жетилистириў, программалық өним ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде тазадан қурылған 17 қабатлы IT парк филиалының имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Өткен 2024-жылдың I шереги даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша көрсетилген байланыс ҳəм мәлимлемелестириў хызметлериниң көлеми 192,8 млрд. сумды қураған болса, быйылғы жылдың усы дəўиринде 298,9 млрд. сум­ға жеткерилди. Бул өткен жылға салыстырғанда 1,55 есеге көп.

Илажда бир қатар тараў пидайылары, ветеранлар ҳүрмет жарлықлары, көкирек белгилери ҳәм баҳалы естелик саўғалары менен хошаметленди.







Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги