Банк системасындағы коррупциялық факторлар додаланды

Банк хызметлеринен пайдаланыўда коррупция жағдайларының алдын алыў ушын тараўда санластырыў процесслери избе-из әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде коммерциялық банклер тәрепинен физикалық тәреплерге 12, юридикалық тәреплерге 14 түрдеги финанслық хызметлер көрсетилмекте. Бул процессте инсан факторының азайыўы есабынан коммерциялық банклер тәрепинен кредит қаржыларын ажыратыў мүддети 3 күннен 10 минутқа шекем қысқартылды. Банк карталарын онлайн тәризде ашыў, қарыйдарларды идентификациялаўды биометрикалық мағлыўматлар тийкарында әмелге асырыў ҳәм ҳүжжетлерди автоматикалық тәризде тексериў жолға қойылды.
Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде айтып өтилди. Онда Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклердиң «Коммерциялық банклер тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеңиллетилген кредит ажыратыўда коррупция факторларын сапластырыў, соның ишинде, финанслық хызметлер көрсетиўде инсан факторын шеклеў, бул бағдарда санластырыў процесин жеделлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәлимлемелери тыңланды.

Илажда атап өтилгениндей, коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген кредит ҳүжжетлерин қәлбекилестириў, рәсмий емес төлемлерди талап етиў, кредит алыўда белгиленген тәртипке қайшы түрде жасалма жеңилликлер жаратыў, кредитлерден мақсетсиз пайдаланыў, өзлестириў жағдайлары ушыраспақта. Бул болса банклерде үлкен муғдарда машқалалы кредитлердиң пайда болыўына, сондай-ақ, коррупция жағдайларының келип шығыўына себеп болмақта.

Есап палатасы тәрепинен 6 коммерциялық банкте өткерилген аудит илажларының нәтийжелерине бола, «Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры»нан хызметлер тараўын раўажландырыў ушын ажыратылған 858,3 миллиард сумлық кредитлердиң 140 миллиард сумы кредитлер бойынша системалы мониторинг орнатылмағаны себепли машқалалы кредитке айланған. Буннан тысқары, кредит есабынан сатып алынған 176 миллиард сумлық тийкарғы қураллар қарыздарлардың балансына киргизилмеген. Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде ажыратылған кредитлер бойынша 1,7 триллион сум муғдарында машқалалы ҳәм банк қәрежетлери есабынан баланстан шығарылған 2,9 триллион сум муғдарында нәтийжесиз кредит қарыздарлықлары бар екенлиги анықланған.
Додалаўларда тараўдағы бул жағдайлар депутатлар тәрепинен сын көзқарастан талланып, бир қатар усыныслар берилди. Коррупция жағдайларын келтирип шығаратуғын факторларды терең таллаў, финанслық хызметлер көрсетиўде жасалма интеллекттен пайдаланыў, хызметлерди санластырыў зәрүр екенлиги айтылды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА