Кексе жастағы ананың жағдайынан хабар алынды

Ҳәр жылы 9-май сәнеси журтымызда үлкен ҳүрмет ҳәм қәдирлеў менен белгиленеди. Бул сәне –Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сыпатында халқымыз қәлбинде терең из қалдырған, тарийхый еслеўлерди жанландырған, қаҳарманлық ҳәм сабыр-тақат тымсалына айланған кекселеримизди ядқа алып, олардың хызметлерин ардақлаў күни есапланады.
Байрам қарсаңында Әмиўдәрья районы ҳәкими Сабыр Хожаметов басшылығындағы район басшылары ҳәм республикалық жумысшы топар жуўапкерлери Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, ҳүрметли жасы үлкен ата ҳәм аналардың жағдайынан хабар алып, оларды жеңистиң 80 жыллығы менен қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырды.

Дослық мәҳәллесинде жасаўшы нураний ана Оразгүл Мадаминова быйыл 95 жасты қарсы алмақта. Район ҳәкими С. Хожаметов нураний анаға Президентимиздиң арнаўлы қарары менен шөлкемлестирилген «Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы» естелик юбилей медалын ҳәм баҳалы саўғаларды тапсырды. Өз гезегинде нураний ана бул ҳүрмет-иззет ушын Президентимизге миннетдаршылығын билдирип, ақ пәтиясын берип, елимизде тынышлық ҳәм бахытлы күнлер мәңгиге болыўын тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги