Исбилерменлер ушын пайдалы илаж өткерилди

Саўда-санаат палатасында исбилерменлер менен ушырасыў ҳәм ашық сәўбетлесиў болып өтти. Онда исбилерменлердиң жумысларында реклама тараўындағы машқалалар ҳаққында сөз етилди.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары А.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Тил бойынша департамент қәнигеси А.Исмаилов, Саўда-санаат палатасының хызметкери Б.Сәрсенбаев ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Өткерилген илажда тараў қәнигелери тәрепинен Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери талаплары бойынша өним ҳәм хызметлерди реклама етиў бойынша түсиниклер берилди.


Илаж даўамында исбилерменлер тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги