Бир әсирлик турмыс сабақлары менен ортақласты

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мәмлекетимиз бойлап миллий қәдирият, еслеў ҳәм миннетдаршылық руўхында кеңнен белгиленбекте. Усы сәне алдынан Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов Нөкис қаласында жасаўшы урыс ветераны Қәдирбай Нармановтың шаңарағында болды.
Қадирбай Нарманов – бир әсирлик өмир жолын басып өткен, жанкүйер, сабыр-тақатлы инсан. Ол жанкүйерлиги ҳәм ўатансүйиўшилиги менен тек ғана урыс фронтында емес, ал кейинги жыллары мийнет фронтында да пидәкерлик пенен хызмет еткен. Оның ядында сақланған урыс жылларының аўыр күнлери, халықтың сабыр-тақаты, аўызбиршилиги ҳәм биргеликте көрсеткен мәртлиги – бүгинги әўлад ушын шексиз сабақ болып есапланады.
Ушырасыў ўақтында Қәдирбай ата урыстың аянышлы ақыбетлерин айтып берди. Оның айтыўынша, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмыс – өтмиштеги пидайылықлар, жан пидәкерликлери арқалы қолға киргизилген үлкен жемис екенин айрықша атап өтти. Тынышлықтың қәдирин билиў – ҳәр бир инсанның миннети сондай-ақ, ҳәммемиз шүкиршиликти умытпаўымыз керек, – деди ол қызғын сәўбет ўақтында.
Партия басшысы урыс ветеранын байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды. Ушырасыў даўамында нураний атаның денсаўлығына да итибар қаратылып, медициналық тексериў де шөлкемлестирилди. Медицина хызметкерлери Қадирбай атаның улыўма саламатлығы бойынша зәрүр усыныслар берип, профилактикалық жәрдем көрсетти.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар, бәринен бурын, жас әўладтың руўхый тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиз тәрепинен билдирилген бүгинги жоқары итибар – өтмишке ҳүрмет, бүгинге ғамхорлық, келешекке болса жуўапкершилик белгиси болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги